«Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам тийкарында «Журналистлик хызметти қорғаў ҳаққында»ғы Нызамның 9 статьясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди. Нызам 7-1-статья менен толықтырылды. Сондай-ақ, 16-статьяда көрсетилген нормалар нызамның 2-статьясына көширилгени себепли алып тасланды. Бул ҳаққында «Инсон ва қонун» сайты хабар бермекте.

Нызамда журналист атамасына анықлық киргизилди. Заманагөй профессионал журналистлик хызметти алып барыў әмелиятын үйрениў нәтийжесинде белгили бир тема дөгерегинде мәлимлеме таярлаў процесинде мәлимлемени излеў, топлаў, анализлеў, редакторлаў, таярлаў ҳәм тарқатыў журналистлик хызметтиң тийкарғы бөлеги екенлиги белгили болды.

Сондай-ақ, сырт еллердеги нызамшылықты үйрениў нәтийжесинде журналист өзиниң кәсиплик хызметин әмелге асырыўда тек ғана мәлимлемени топлаў, анализлеў, тарқатыў менен емес, ал соның менен бирге, белгили бир тема дөгерегинде редакторлаў ҳәм таярлаў менен де шуғылланады.

Бирақ, нызамның әмелдеги редакциясында мәлимлемени редакторлаў ҳәм таярлаў сыяқлы функциялар көрсетилмеген еди.

Киргизилген өзгериске муўапық:

«Журналист – мийнетке байланыслы ямаса басқа шәртнамалық қатнасықлар тийкарында ғалаба хабар қураллары ушын хабарлар ҳәм материалларды топлаў, анализлеў, редакторлаў, таярлаў ҳәм тарқатыў менен байланыслы болған жумыс пенен шуғылланатуғын шахс» болып табылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.