Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов 18-апрель күни Корея Республикасы сыртқы ислер министри Кан Гён Хва менен ушырасты.

Сыртқы сиясат мәкемелериниң басшылары 2017-жыл 22-25-ноябрь күнлери Сеул қаласында Өзбекстан ҳәм Қубла Корея басшыларының саммити нәтийжели болғанын атап өтти. Сөйлесиўлер шеңберинде мәмлекет басшылары қабыл еткен Биргеликтеги билдириў ҳәм қол қойылған улыўма нырқы 10 миллиард АҚШ долларынан аслам келисимлерди толық әмелге асырыў еки ел арасындағы сиясий, саўда-экономикалық ҳәм социаллық-мәдений салалардағы бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығатуғыны атап өтилди.

Сыртқы ислер министрлигинде болып өткен ушырасыўда сиясий, саўда-экономикалық, инвестиция, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўларда өз-ара байланысларды және де раўажландырыў перспективалары додаланды. Тәреплер регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша да пикир алысты.

Корея Республикасы сыртқы ислер министри өз елиниң Корея ярым атаўындағы жағдайды сапластырыў бағдарындағы ис-ҳәрекетлери ҳаққында мағлыўмат берди.

Өз гезегинде, Өзбекстан тәрепи усы жылдың апрель айындағы кореялараралық саммит өткерилиўин мақуллады ҳәм Корея ярым атаўында тынышлық, турақлылық және қәўипсизлик орнатыў ушын Корея Республикасының ис-ҳәрекетлерин исенимли қоллап-қуўатлайтуғынын тастыйықлады. Саммиттиң унамлы нәтийжелери Корея ярым атаўының қубла ҳәм арқасы және пүткил регионның буннан былай да раўажланыўы ҳәм абаданлығы ушын қолайлы шараят жарататуғынына  исеним билдирилди.

Усы күни Корея Республикасы сыртқы ислер министри пайтахтымыздың дыққатқа ылайық орынларынан бири – Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейине барып, Сахыпқыран ҳәм оның әўладлары ҳаққында гүрриң ететуғын бийбаҳа экспонатлар менен танысты.

ӨзА