Әмиўдәрья районындағы барлық фермер хожалықларында шигит егиў жумыслары жуўмақланыў алдында турған усы күнлерде өнип шығып атырған пахта нәллерин көрген адамның көзи қуўанады.

Усы жылдың 18-апрель күни райондағы Қылышбай аўылындағы «Ражабов Омонбой» фермер хожалығында пахтаның қатар араларына дәслепки ислеў бериў жумыслары баслап жиберилди. Бул ҳаққында Amunews.uz сайты хабар бермекте.

Бунда жергиликли ҳәм минерал төгинлерден нәтийжели пайдаланыў мәселесине айрықша итибар берилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги