Бүгинги күнде пенсия жасы Өзбекстан Республикасында тек ғана Европа, Америка, Азия еллери арасында емес, ал ҒМДА мәмлекетлери ишинде де ең киши жас есапланып, мүддетинен бурын пенсияға шығыў ҳуқықын есапқа алған ҳалда, орташа ер адамларда 58 ҳәм ҳаялларда 53 жасты қурайды.

Мағлыўматларға қарағанда пенсия жасы дүньяда орташа 65 жас. Ғәрезсиз мәмлекетлердиң дослық аўқамы мәмлекетлеринде бул көрсеткиш ер адамлар ушын 63 ҳәм ҳаяллар ушын 58 жасты қурайды. Мысал ушын, Тәжикстан ҳәм Қырғызстанда пенсия жасы тийислисинше 63 ҳәм 58 жас, Түркменстанда тийислисинше 62 ҳәм 57 жас болса, Қазақстанда ер адамларда 63, ҳаялларда 58,5 жас болып табылады.

Елимизде әмелге асырылып атырған күшли социаллық қорғаў концепциясы халықтың турмыс абаданлығын арттырыў, кем тәмийинленген шаңарақлар, майыплығы болған шахслар, жалғыз кекселер ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж халықтың басқа да қатламларына материаллық ҳәм руўхый жәрдем қолын созыўда өз көринисин таппақта.

Ҳәрекетлер стратегиясында да бул тараўда орынланыўы тийис болған әҳмийетли ўазыйпалар белгиленген.

Ҳәр бир адам қартайғанда, мийнетке жарамлылығын жоғалтқанда, сондай-ақ, асыраўшысынан айрылғанда ҳәм нызамда нәзерде тутылған басқа да жағдайларда социаллық тәмийнат алыў ҳуқықына ийе екенлиги Конституциямыздың 39-сататьясында көрсетип өтилген.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Мийнет ҳәм социаллық мәселелер комитети тәрепинен шөлкемлестирилген «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты: Өзбекстан тәжирийбеси, әмелият ҳәм перспективадағы режелер» темасындағы дөгерек сәўбетинде де пуқаралардың усы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеўдиң әне усындай әҳмийетли мәселелери додаланды.

Илаж Олий Мажлис жанындағы Нызамшылық машқалалары ҳәм парламентлик изертлеўлер институты менен биргеликте өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 2-февральдағы «Мийнет ҳақы, пенсия, напақа ҳәм стипендияларды төлеў механизмин жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ҳәм 13-марттағы «Пенсиялар ҳәм напақалар төлеў механизмин буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарларына муўапық, 2017-жыл февральдан баслап барлық түрлдеги пенсиялар ҳәм напақалар тек нақ пул көринисинде төлениўи, пенсия ҳәм напақалар акционерлик коммерциялық Халық банки филиаллары тәрепинен мәкан пуқаралар жыйынында жайласқан арнаўлы кассалар арқалы, сондай-ақ, еркин ҳәрекет етиў және пенсиялар менен напақаларды арнаўлы кассалардан алыў имканиятына ийе болмаған шахсларға тиккелей олар жасайтуғын жерге жеткерип берилиўи жолға қойылды.

Тараўда бир қанша унамлы табысларға ерисилгенине қарамастан, Бюджеттен тысқары пенсия қоры дәраматларын қәлиплестириў механизмлерин заманагөй қаржы сиясат концепциялары тийкарында жетилистирип барыў, қор қаржыларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оны мақсетли жумсаўдың социаллық-экономикалық ҳәм ҳуқықый тийкарларын илимий-әмелий изертлеў зәрүрлиги атап өтилди. Бул ушын, бәринен бурын пенсия тәмийнаты теориясы ҳәм пенсия тәмийнаты бағдарындағы мәмлекетлик сиясат, мәмлекетлик пенсия тәмийнаты системасындағы пенсиялардың түрлери, жыйналып барылатуғын пенсия тәмийнаты бойынша нызамшылықты жетилистирип барыў әҳмийетли екенлиги айтылды.

Бул тараўдағы нызам ҳүжжетлерин жетилистириў, тараўға мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў, архивлердиң жумысын және де раўажландырыў пуқаралардың артықша сергизданлығын азайтып, бюрократлық тосқынлықларды сапластырыўға хызмет етеди.

Моҳигул ҚОСИМОВА,

ӨзА ның хабаршысы