Бурын хабар етилгениндей, 1415-апрель күнлери пайтахтымыздағы Нөкис олимпиада резервлери колледжинде «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»на бағышланып, спорттың кураш түри бойынша 19992001-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты ҳәм Аўезхан Айтниязовтың 80 жыллық естелигине бағышланған республикалық турнир өткерилди.

Жарысқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан 100 ден аслам палўанлар (соннан 35и қызлар)  қатнасты.

Жарыста жас өспиримлер арасында 50кг салмақта Ҳамра Төрежанов, 55кг салмақта Дәстан Ғайбуллаев, 60кг салмақта Әзиз Генжебаев, 66кг салмақта Қурманғазы Қуўандиков, 73кг салмақта Улығбек Муратов, 81кг салмақта Захиритдин Зайтов, 90кг салмақта Әзизбек Сабиров пенен Ислам Тазабаевлар бириншиликти ийелеген болса,  қызлар арасында 44кг салмақта Гүлсимай Бегалиева, 48кг Камила Өтегенова, 52кг салмақта Элбира Дилимбетова, 57кг салмақта Бийбируза Қәллибекова, 63кг салмақта Индира Елмуратова, 70кг салмақта Гүрхумар Жанназарова менен Айгүл Әбдиразақовалар  қарсыласларынан үстин келип, бириншиликти ийеледи ҳәм Самарқанд қаласында өткерилетуғын Өзбекстан чемпионатына қатнасыў ушын жолламаны қолға киргизди.

Жарыс жеңимпазлары Өзбекстан кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикалық бөлими ҳәм Өзбекстан «Бәркамал әўлад» дене тәрбиясы спорт жәмийети Қарақалпақстан аймақлық бөлими тәрепинен таярланған диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды

Қарақалпақстан хабар агентлиги