Усы жыл 17-апрель күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинде Бас министр А.Ариповтың басшылығында видеоселектор жыйналысы болып өткен еди.

Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 13-апрель күни Сырдәрья ўәлаяты белсендилери менен өткерген мәжилисиндеги социаллық тараў хызметкерлериниң жәмийетлик жумысларға мәжбүрий жегилип атырғаны, бул бойынша айырым жергиликли басшылар тәрепинен нызам бузыўшылық ҳәм көзбояўшылық жағдайларының байқалып атырғаны бойынша билдирилген пикир-усынысларынан келип шығатуғын ўазыйпалар кеңнен  додаланды ҳәм аймақларда атыз ҳәм тазалаў-абаданластырыў жумысларына медицина, билимлендириў мәкемелериниң хызметкерлери, студентлер ҳәм басқа да социаллық тараў ўәкиллерин тартыўды қадаған етиў, бул бойынша барлық дәрежедеги басшылардың жеке жуўапкершилигин арттырыўға қаратылған илажлар белгилеп алынды.

Биз усы мәселелер дөгерегинде Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси баслығының орынбасары Муратбай Данияровтың пикирин тыңладық.

– Селектор мәжилисинде,-дейди М.Данияров – Түрли социаллық тармақларда ҳәм ғалаба хабар қуралларында жергиликли ҳәкимликлер тәрепинен билимлендириў, денсаўлықты сақлаў системасы ўәкиллерин басқа жумысларға мәжбүрий жегиў жағдайлары ушырасып атырғанлығының кең додалаўларға себепши болып атырғаны мысаллар менен келтирип өтилди.

Быйылғы жылдың өткен дәўиринде өткерилген үйрениўлер нәтийжесинде мийнет нызамшылығы бойынша жәми 10 мыңға шамалас нызам бузыўшылық жағдайлары анықланған. Олардың тийкарғы бөлеги халық билимлендириўи, медицина мәкемелери есабына туўра келеди.

Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Кәсиплик аўқамлары федерациясы Кеңеси ҳәм Саўда-санаат палатасы менен бирликте социаллық-экономикалық мәселелер бойынша 2017-2019-жыллар ушын дүзилген Бас келисим тийкарында өткен жылы бир қатар илажлар әмелге асырылған еди. Атап айтқанда, усы Келисимге, «Мәжбүрлеп жумсаў ҳәм мәжбүрий мийнет ҳаққында»ғы, «Мәжбүрий мийнетти сапластырыў ҳаққында»ғы ҳәм басқа да бир қатар халықаралық шөлкемлердиң Конвенцияларына тийкарланып көплеген халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллериниң қатнасында тийисли мәкеме ҳәм шөлкемлердиң қәнигелери тәрепинен ушырасыўлар өткерилип, мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў бағдарында көп илажлар әмелге асырылды. Тийисли мониторинг жумыслары өткерилип, усы мақсетте «Исеним телефон»лары туўралы мағлыўматлар, 250 дана «Усыныс», 3150 дана плакат ҳәм 28 дана баннер тарқатылды.

Бирақ соған қарамастан өткен жыл даўамында бир қатар мәкеме ҳәм шөлкем басшыларының немқурайдылығы себепли, халық арасында мәжбүрий мийнет мәселелери бойынша наразылықлар келип шыққанын айтып өтиўимиз тийис. Мүрәжатлар тийисли тәртипте үйренип шығылып, нызамбузыўшылық ҳалатлары сапластырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм Мийнет қатнасықлары министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда, 2017-жыл даўамында мийнет ҳәм халықтың бәнтлиги ҳаққындағы нызамшылық талапларының орынланыўы бойынша өткерилген тексериўлер нәтийжеси менен мийнет ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғаны, мийнетке ҳәкимшилик тәртипте мәжбүрлегени, бос жумыс орынларын жасырғаны ҳәм басқа да ҳуқықбузарлықларға жол қойғаны ушын жәми 419 лаўазымлы шахсқа 150 миллион 752 мың 295 сум жәрийма салынған.

Еслетип өтемиз, ендигиден былай, басшылар тәрепинен пуқараларды жәмийетлик жумысларға мәжбүрлеў жағдайлары және бақланса, Президентимиздиң атап өткениндей, жаза қатаң болады, соның ишинде, жынайый жуўапкершиликке шекемги болған илажлар көриледи.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.