Орайлық Азияда жасайтуғын жаслар арасында  терроризмге ҳәм экстремизмге мәжбүрлеп тартыўға ҳәм зорлық етиўши радикализмге қарсы шығыў және ол ҳаққында ескертиў, қәўиплер бойынша олардың хабардарлығын арттырыўға  ҳәм көзқарасын билиўге арналған таңлаў өткериледи.

Өзбекстандағы Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң жойбарлар Координаторы усынысы менен жәрияланған таңлаўда аймақтағы жаслар усы мәселе бойынша күнделикли турмыс тәжирийбесинен мысаллар келтирип, социаллық тармақлардағы ҳәм өзлериниң блогындағы ўақыя-ҳәдийселер туўралы пикир алысады. Олар шыдамлылық, стереотиплерди бузыў ҳәм ҳақыйқатлықты қабыллаўға үйрететуғын тәсирли материалларды тарқатыў арқалы экстремизмге қарсы екенин билдиреди.

Таңлаўдың мақсети де видеоматериаллар ҳәм мақалалар жәрдеминде жасларды терроризмниң қәўпинен ескертиў ҳәм оған қарсы шығыў болып табылады. «Орайлық Азия жаслары терроризмге қарсы» таңлаўын өткериўге Өзбекстандағы Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми Секретариаты, шөлкемниң Орайлық Азиядағы дала миссиялары ҳәм терроризмге қарсы гүресиў бойынша информациялық портал жәрдем береди. Бул портал ҳәзирги күнде Өзбекстандағы жойбарлар Координаторы тәрепинен жергиликли «Аймақлық қәўип-қәтерлерди үйрениў орайы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен бирге ислеп шығылмақта.

Таңлаў ушын материаллар усы жыл 1-июньге шекем қабылланады. Онда Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстан Республикаларының 30 жасқа шекемги жаслары қатнасыўы мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.