Қытай Халық Республикасының «Тиандзин Тянь Сян» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң, Хейлундзианск балықшылық илимий-изертлеў институтының бир топар қәнигелери усы жыл май айының басында республикамызда болып, Нөкис қаласында ҳәм Төрткүл районларында өзлериниң алдыңғы ис тәжирийбелери менен ортақласады.

Бул илаж «Қарақалпақбалықсанаат» ҳәм Қытайдың «Тиандзин Тянь Сян» жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери арасында дүзилген меморандум шеңберинде өткериледи. Атап айтқанда, қытайлы қәнигелер Нөкис қаласында ҳәм Төрткүл районында республикамыздағы балықшылыққа қәнигелестирилген кәрханалар, фермер хожалықларының ўәкиллерине мастер класс өткереди.

-«Өзбекстан Республикасы делегациясының 2017-жыл август айында Индонезия Республикасына сапары даўамында ерисилген келисимлер ҳәм қол қойылған ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеў және еки тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша» илажлар режесине («Жол картасына») муўапық, өткен жылдың ноябрь-декабрь айларында Қытай Халық Республикасының Пекин қаласында, Уси, Чэнду, Харбин ўәлаятларында  болып, балық өршитиў, оны интенсив усылда өсириў, инкубация цехларының жумысларын жолға қойыў, балықтың Амур осётры ҳәм басқа да түрлерин көбейтиў бойынша алдыңғы тәжирийбелери менен танысып қайттық,-дейди «Қарақалпақбалықсанаат» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы  Абат Бекниязов.-Усы сапар етиў шеңберинде балықшылықта дүньяға белгили «Тиандзин Тянь Сян» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Миао Жзиенфа менен үш жыллық меморандумға қол қойысыўға еристик.

Еслетип өтемиз, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 1-майдағы «Балықшылық тармағын басқарыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық шөлкемлестирилген «Қарақалпақбалықсанаат» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң тийкарғы ўазыйпасы ҳәм бағдары республикамызда балық өнимлерин ислеп шығарыўдың шөлкемлестириўшилик-технологиялық процесслерин системалы шөлкемлестириў, балық шабақларын тәкирар көбейтиў ҳәм оның азықлық базасын беккемлеў, тәбийғый суў сақлағышлардың ҳәм жасалма көллердиң ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, сондай-ақ, балық жетистириў процесине илимий тийкарланған усыллар менен интенсив технологияларды енгизиў болып табылады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.