Шымбай районындағы педагогикалық колледжде ҳәм 4-санлы улыўма билим бериў мектебинде усы жылдың 22-февраль – 5-март күнлери аралығында Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында спорттың қылышпазлық түринен кадетлер ҳәм жас өспиримлер арасында өткерилген Азия чемпионатының жеңимпазы қызлар арасында Өзбекстан сайланды камандасы ағзасы, Нөкис Олимпия резервлери колледжиниң оқыўшысы, өткен жылы Президентимиз тәрепинен «Нексия» автомашинасы менен сыйлықланған  Зайнаб Дайыбекова, сондай-ақ, үмитли жас спортшылар Нөкис мелиорация ҳәм суў хожалығы колледжи оқыўшысы Шерзод Мамутов ҳәм ҚР ХБМне қараслы 2-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебиниң 9-класс оқыўшысы Пазыл Генжебаев ҳәм олардың тренери Дәўирбек Жиемуратов пенен ушырасыў кешеси болып өтти. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Ушырасыўда спортшылар ҳәм олардың тренери елимизде спорт пенен турақлы шуғылланыў ушын жаратылған имканиятлар, ҳүкимтелик итибар ҳаққында айрықша тоқталды. 

Илаж сораў-жуўаплар менен даўам етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги