17-апрель сәнесинен баслап Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигине қараслы «Мәденият сарайы қосық ҳәм аяқ-ойын ансамбли жәмәәти» Қарақалпақстан Республикасы бойлап қайырқомлық концертлерин инәм етпекте.

Ондағы тийкарғы мақсет, ишки ислер уйымларында хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында қайтыс болған хызметкерлердиң шаңарақ ағзаларын, майып болып қалған хызметкерлер ҳәм ветеранларды материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў болып табылады.  

Олар 18-апрель күни Шымбай районында болып, «Шахтемир» спорт майданшасында өзлериниң концерт бағдарламасын инәм етти, деп хабар бермекте район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты.

Қайырқомлық концертин Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Ушқун Тиллаев, қызықшы Өткир Мухамедхожаевлар басқарып барды. Сондай-ақ, концерте елимизге белгили көркем өнер ғайраткерлеринен Машҳура Эргашова, Шерали Бекмуратов, Гулюз, «Манго» топары, қызықшы Аваз Охунлардың репертуарлары жыйналғанларға хош кейпият бағышлады. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министирлигиниң «Арал жулдызлары» ансамблиниң қосықшылары Əрепбай Алланиязов, Өмирзақ Ерназаровлар өз қосықларын усынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги