Ҳәзирги ўақытта пенсия жасы Өзбекстан Республикасында тек ғана Европа, Америка, Азия еллери арасында емес, ал ҒМДА мәмлекетлери арасында да ең киши көрсеткиш есапланып, мүддетинен алдын пенсияға шығыў ҳуқықын есапқа алған ҳалда, еркеклерде 58 ҳәм ҳаялларда 53 жасты қурайды. Бул ҳаққында ӨзА хабар бермекте.

Мағлыўматларға қарағанда, пенсия жасы дүньяда орташа 65 жасты қурайды. ҒМДА еллеринде бул көрсеткиш еркеклер ушын 63 ҳәм ҳаяллар ушын 58 жасты қурайды. Мәселен, Тәжикстан ҳәм Қырғызстанда пенсия жасы 63 ҳәм 58 жасты, Түркменстанда 62 ҳәм 57 жас болса, Қазақстанда еркеклер ушын 63, ҳаяллар ушын 58,5 жас болып табылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги