Өзбекстан Республикасы Ишки ислер ҳәм Қаржы министрликлери тәрепинен ислеп шығылған Режеге муўапық, буннан былай Ишки ислер министрлигиниң оқыў орынларында оқыған ямаса министрлик тәрепинен сырт еллердеги мәкемелерге оқыўға жиберилген питкериўшилер оқыўды питкергеннен кейин 5 жыл даўамында министрликтиң жолламасы бойынша, мәмлекетлик мәкемелерде мәжбүрий үзликсиз хызмет көрсетиўи керек болады, деп жазады Daryo.uz сайты.

Бул шәрт орынланбаған жағдайларда питкериўшилер оқыў қәрежетлерин толық төлеўи шәрт болады. Бул ҳаққында студентлер менен оқыў процесиниң басында арнаўлы шәртнама дүзиледи ҳәм олардың ата-аналары ескертиледи.

Оқыў ушын өндирилетуғын төлемде төмендеги қәрежетлер есапқа алынады: оқытыўшылардың мийнет ҳақы, стипендия, кийим-кеншек, азық-аўқат пенен тәмийинлениўи, әмелий шынығыўлар ҳәм жол қәрежетлери.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги