Президент Шавкат Мирзиёев 13-апрель күни Сырдәрья ўәлаяты белсендилери менен өткерген мәжилисте ўәлаятларға сапар етиўлер алдынан социаллық тараў хызметкерлериниң абаданластырыў жумысларына қатнастырылып атырғаны, айырым орынларда көзбояўшылыққа жол қойылып атырғанлығын қатаң сынға алған еди.

Өзбекстан Республикасы Президенти  Баспасөз хызмети жанындағы Пресс-холлда усы мәселеге бағышланған брифинг өткерилди. Онда Президент Баспасөз хаткери Комил Алламжонов мәмлекетимиз басшысының сын көзқарасынан кейин көрилип атырған илажлар ҳаққында мағлыўмат берди.

— Президент бундай жағдайлар және қайталанбаўы ушын ҳуқықый механизм жаратыў бойынша тапсырмалар берди. Тапсырмаға бола, халықты, әсиресе, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў тараўы хызметкерлерин, студентлерди абаданластырыў жумысларына тартыўды қатаң қадаған етиў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары ислеп шығылады, – дейди К.Алламжонов. – Бул қарарда орынларда абаданластырыў хызметлериниң жумысын кеңейтиў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша илажлар өз көринисин табады. Онда шет мәмлекетлердиң тәжирийбелери де инабатқа алынады.

Бирифингте пуқараларды жәмийетлик жумысларға мәжбүрлеў жағдайлары және бақланса, Президентимиздиң атап өткениндей, жазаның қатаң болатуғыны, соның ишинде, жынайый жуўапкершиликке шекемги болған илажлар көрилетуғыны мәлим етилди.

Айрықша атап өтилгениндей, Президент усындай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде Бас прокуратураның алдына да бир қатар ўазыйпалар қойған. Самарқандлы оқытыўшы Диана Еникееваның өлимине себепши болған лаўазымлы шахсларды юридикалық жуўапкершиликке тартыў бойынша тапсырмалар берген. Ҳәзирги ўақытта бул ўақыяның себеплери үйренилмекте.

Сырдәрья ўәлаяты белсендилери менен болып өткен мәжилисте Шавкат Мирзиёев орынлардағы көзбояўшылық жағдайларынан да наразы екенлигин билдирген еди. Усыннан келип шығып, көзабаға жумыслар бойынша прокурорлық тексериў өткериў бойынша көрсетпе берилген. Мәмлекетимиз басшысы және усындай көзбояўшылық жағдайларына жол қоймаў мақсетинде турақлы ҳәм қатаң қадағалаў орнатыў зәрүрлигин атап өтти. Келешекте козбояўшылыққа урынған ямаса оның алдын алмаған басшылар қатаң жазаланады.

Брифингте Президентимиз берген тапсырмалардың орынланыўы, айыпкерлердиң жазаланғанлығы ҳаққында ғалаба хабар қураллары, соның ишинде, Бас прокуратура жанындағы медиа-орайы арқалы мағлыўматлар берип барылатуғыны атап өтилди.

 

Улығбек АСРОРОВ,

ӨзА ның хабаршысы