Пайтахтымызда бирден-бир ири саўда ҳәм дем алыў орайы болыўы режелестирилген Гипермаркетке 8 эскалатор алып келинди. Енди оларды орнатыў жумыслары басланады.

Ҳәр бириниң аўырлығы 5 тонна салмақ басатуғын эскалаторларды, сондай-ақ, бул жерге келетуғын мың-мыңлап адамларды, улыўма атына ылайық «гипер» (ең ири, ең бийик) орайды  ҳеш қандай қыйыншылықсыз көтерип турыў ушын имараттың ҳәр бир қабаты монолиттен соғылған. «Бир тас» деген мәнисти беретуғын, геологиялық усылда пайда болатуғын монолит халықаралық тәжирийбеде сыналған: монолиттен салынған имаратлар қыста жыллы, жазда салқын болады. Сондай-ақ, монолит имарат тез-тезден жер силкиниўи болатуғын аймақларда да қәўипсиз екенлиги менен әҳмийетли.

Дәслепки төрт қабатында саўда-сатық майданлары, магазинлер, бесинши қабатта ойын-заўық ушын бөлимлер хызмет көрсетиўи режелестирилген Гипер-маркетке 8 эскалатор ҳәм 1 лифт орнатылады.

Ҳәр бир қабаты 1700 квадрат метр майданға ийе ири саўда ҳәм дем алыў орайы быйыл июнь-июль айларына пайдаланыўға тапсырылыўы мүмкин.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.