Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 17-апрель күни экономика тармақларында есап-санақ системасын жетилистириў, дебитор, кредитор ҳәм бюджет алдындағы қарыздарлықларды азайтыў бойынша көрилип атырған илажларды талқылаўға бағышланған мәжилис өткерилди.

Елимиздиң экономикалық тармақларында қадағалаў ҳәм есапқа алыў механизмлерин буннан былай да жетилистириў, төлем тәртибин беккемлеў, жуўапкершиликти күшейтиў, орынлаў жумысын жүргизиўдиң нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Усы бағдардағы илажларды ҳуқықый жақтан тәртипке салыў, төлем тәртибин буннан былай да беккемлеўге қаратылған бир қатар нызамлар қабыл етилди. Президентимиздиң 2017-жыл 29-майдағы «Электр энергиясын ҳәм тәбийғый газди жеткерип бериў және пайдаланыў тараўында төлем тәртибин буннан былай да беккемлеў, сондай-ақ, орынлаў жумысын жүргизиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, бул бойынша  жаңа система жаратылды. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанында Мәжбүрий орынлаў бюросы шөлкемлестирилди. Ол тараўда топланып қалған үлкен кемшиликлерди ҳәм машқалаларды шешиў бойынша әҳмийетли қәдем болды.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы узақ жыллардан берли есап-санақ системасына итибар қаратылмай келингени, экономика тармақларында ақша ағымлары нәтийжесиз басқарылғаны ҳәм тең бөлистирилмегени ақыбетинде қарыздарлық жағдайларының көбейип кеткенлигин атап өттти.

Буны сапластырыў бойынша соңғы ўақытлары бир қатар илажлар көрилди. Экономиканың базалық тармақларының қаржы жағдайын жақсылаў мақсетинде «Өзбекнефьтгаз» ҳәм «Өзбекэнерго» акционерлик жәмийетлериниң үмитсиз дебитор қарызлары есаптан шығарылды. «Өзагрохимияқорғаў» акционерлик жәмийетиниң кредитор қарыздарлықлары бюджет ссудалары арқалы азайтылды.

Экономика тармақларын жанылғы-майлаў өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў ушын нефтьти қайта ислеў кәрханаларын қаржылай жақсылаў мақсетинде салмақлы қаржылар ажыратылды.

Салықларды бөлистириў системасының қайта көрип шығылыўы арқалы нефтьти қайта ислеў кәрханаларының қарамағында жылына 670 миллиард сум, электр станциялары есабында 100 миллиард сум қаржы қалдырылды.

Фермер хожалықларының бир неше мәрте сапластырылыўы ҳәм шөлкемлестирилиўи есабынан коммерциялық банклер жоғалтқан леквидликти қаплаў ушын қаржы қаратылды.

Монополияшы кәрханалардың жоқары ликвидли 27 түрдеги өнимлерин тек электрон биржа саўдасы арқалы ишки базарға сатыў механизмлери жолға қойылды, мәмлекет тәрепинен олардың баҳасын декларациялаў тәртиби бийкар етилди.

Бирақ, соған қарамастан усы жыл 1-март ҳалатына бола, экономика тармақларында жәми дебитор ҳәм кредитор қарыздарлық өткен жылға салыстырғанда сәйкес түрде 16 процентке ҳәм 13 процентке артқан. Мүддети өткен қарыздарлық жыл басына салыстырғанда 60 процентке азайыўына ерисилген болса да, өткен жылғы қарыздарлықтан 2,7 есе көп.

Жәми дебитор қарыздарлықтың үлкен бөлеги жанылғы-энергетика комплексине туўра келмекте. Усы тараўдағы дебитор қарыздарлық жыл басына салыстырғанда 16 процентке көбейгени бақланған. Машина қурылысы ҳәм пахтаны қайта ислеў комплексинде 13,7 процентке, қурылыс ҳәм транспорт мәселелери комплексинде 20 процентке артқан.

Бир ғана «Өзбекнефтьгаз» ҳәм «Өзтрансгаз» акционерлик жәмийетлери системасында мүддети өткен дебитор қарыздарлық 460 миллиард сумға жеткен. «Өзбекэнерго» акционерлик жәмийетинде 341 миллиард сумлық мүддети өткен қарыздарлық пайда болған. «Өзавтосанаат», «Өзбекстан темир жоллары», «Өзхимиясанаат» акционерлик жәмийетлеринде де дебитор қарыздарлық жоқарылығынша қалмақта.

– Қайсы бир шөлкемге басшы тайынланса, ол жумысты есап-санақ системасын тәртипке салыўдан баслаўы керек. Бизде болса керисинше, техникалық-экономикалық тәрепи менен шуғылланыўға кириседи. Экономикада қарыздарлықларды азайтыў бойынша системаны өзгертиў ўақты келди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы фермер хожалықларының салық бойынша қарыздарлығын да азайтыў зәрүрлигине итибар қаратты. Себеби, машина-трактор парклери тәрепинен көрсетилген хызметлер ушын төлемлерди әмелге асырыўдың ағымдағы механизми тәсиринде фермер хожалықларының «Өзагросервис» акционерлик жәмийети алдындағы қарыздарлығы артып бармақта.

Салық ҳәм кадастр ведомстволары арасында өз-ара бирге ислесиў нәтийжели жолға қойылмағаны себепли салық ведомстволарының базасында 212 мың гектар жерге ийе 3 мың 247 фермер хожалығы ҳаққындағы мақлыўмат жоқ, кадастр ведомстволарында дизимге алынған 405 мың 508 турақ жай ҳәм турақ жай емес объекти салық ведомстволарында есапқа алынбаған. Соның ақыбетинде бюджетке бирден-бир жер салығы бойынша 1,8 миллиард сум түспей қалған.

Ҳәзирги күнге шекем 1 миллион 100 мыңнан зыят турақ жайлардың кадастр ҳүжжетлери жоқ ҳәм бул объектлер салық базасында есапқа алынбай келинбекте.

Усы жылдың 1-апрель ҳалатына бола, бюджеттен тысқары мақсетли қорлардан салық қарыздарлығы да жоқары.

Өз гезегинде, 2015-2017-жылларда кәрханаларға салық жеңилликлери тийкарсыз усынылыўы нәтийжесинде бюджет ҳәм бюджеттен тысқары мақсетли қорларға 49,2 миллиард сум өндирилмеген. Буннан тысқары, бажыхана қоймаханаларында 90,5 миллион долларлық товарлар 3 жылдан артық мүддет даўамында сақлап келинбекте.

Экономика тармақларында өндиристиң ҳәм реализациялаўдың анық есабы елеге шекем жоқ екенлиги, мәмлекетлик ведомстволар арасында электрон бирге ислесиўдиң ҳәм мағлыўмат алмасыўдың жолға қойылмағаны, салық, бажыхана қадағалаўы системасының жетерли тәртипке салынбағаны, қарыздарлықты өндириў системасының нәтийжесизлиги, бул тараўда орнатылған жуўапкершилик илажлары ҳәмелдар шахслардың ҳәм пуқаралардың төлем тәртибине сөзсиз бойсыныў бойынша жуўапкершилигин арттырыў ушын жетерли емес екенлиги усы қарыздарлықлар келип шығыўының тийкарғы себеплери болып есапланады.

Мәжилисте Президентимиз Бас министрдиң орынбасарларына, тийисли министрликлер ҳәм ведомстволардың басшыларына экономика тармақларында есап-санақлар системасын жетилистириў, дебитор, кредитор ҳәм бюджет алдындағы қарыздарлықларды қысқартыў, район, ўәлаят ҳәм республика дәрежесинде салық уйымлары, банклер, хызмет көрсететуғын басқа да ведомстволар арасында ҳәр айдың жуўмағы бойынша өз-ара қарыздарлық жағдайын салыстырып барыў системасын енгизиў, салыстырмалар тийкарында қарыздарлық жағдайын Министрлер Кабинети комплекслеринде ҳәр айда қатаң додалаў, мәмлекетлик ведомстволар арасында электрон бирге ислесиўди ҳәм мағлыўмат алмасыўды жолға қойыў бойынша жумысларды жеделлестириў бойынша тапсырмалар берди.

ӨзА