17-апрель күни Министрлер Кабинетинде Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен өткерилген мәжбүрий мийнетке қарсы кампания шеңберинде бас министр Абдулла Арипов басшылығында жыйналыс болып өтти ҳәм онда Денсаўлықты сақлаў министри Алишер Шодмоновқа қатаң ескертиў берилди.

Бас министр Алишер Шодмоновқа ескертиў бере отырып:

«Биз сорасақ, ондай жағдай жоқ дейди, бизде ҳәммеси жәннет, бизде ондай ис болмады, дейди. Кейин биз басқа жерлерден мағлыўматларды аламыз. Ғалаба хабар қуралларына мың рахмет, олар бизгежәрдем береди. Буннан кейин ҒХҚ менен көбирек бирге ислесемиз. Өйткени, халқымыз оларға көбирек исенеди», – деп келтирилген Kun.uz сайтында.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги