17-апрель күни Министрлер Кабинетинде Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен өткерилген мәжбүрий мийнетке қарсы кампания шеңберинде бас министр Абдулла Арипов басшылығында жыйналыс болып өтти, деп хабар бермекте Kun.uz сайты.

Жыйналыста бас министр қайсы аймақларда басшылар тәрепинен бул бағдарда қандай нызам бузыўшылықлар жүз бергенлигин мысаллар тийкарында айтып өтти. Бас министр Өзбекстанда мәмлекетлик сиясат буның тәрепинде емеслиги, бул Президент Шавкат Мирзиёевтиң айтып өткениндей, мәмлекетлик сиясатқа қыянет екенлигин билдирди. Бундай жумысларға буйрық берип атырғанлар, атап айтқанда, қала ҳәм район ҳәкимлери, районлық Халық билимлендириў басқармалары ҳәм басқалар өзлериниң садықлығын көрсетиў ушын бюджет мәкемелерин жумысқа тартыўды қатты қаралады.

Жыйналыс даўамында Халық билимлендириў министри Улуғбек Иноятов ҳәм Денсаўлықты сақлаў министри Алишер Шодмоновтың ҳәрекетлери сынға алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги