Усы жылдың 16-апрель күни Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен «Камалак билимданлары» таңлаўының Нөкис қалалық басқышы өткерилди.

Онда пайтахтымыздағы барлық улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшыларынан дүзилген командалар қатнасты.

– Таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет, балалар шөлкеми жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, балалардың социаллық басламаларын қоллап-қуўатлаў арқалы келешекте елимиздиң раўажланыўы ушын үлкен үлес қосатуғын кадрларды жетилистириўге көмеклесиўден ибарат, – дейди Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси «Камалак» балалар шөлкеми баслығы Азамат Абибуллаев.

Таңлаў жуўмағында, 3-орынды 13-санлы улыўма билим бериў мектеби, 2-орынды 1-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектеби ҳәм 1-орынды 23-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшыларынан дүзилген командалар жеңип алды. Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.