Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм «Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў илажлары ҳаққында»ғы Қарарына муўапық, екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларының қәлеўи бойынша олар өзлери саўаш жүргизген еллерге бир қадағалаўшысы менен бирге сапар етиўи шөлкемлестириледи, булл сапар менен байланыслы болған қәрежетлер мәмлекет тәрепинен қапланады.

Сондай-ақ, екинши жер жүзилик урыс ветеранларының қәлеўине қарай Ялта ҳәм Кисловодск қалаларындағы «Өзбекстан» ҳәм республика аймағындағы барлық санаторияларға бир қадағалаўшысы менен бирге бийпул жиберилиўи шөлкемлестирилип, олар зәрүрли авиа ҳәм темир жол билетлери менен тәмийинленеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги