Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм «Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў илажлары ҳаққында»ғы Қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Қарар ҳәм Пәрманға муўапық, екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына 5 000 000 (бес миллион) сумм муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық бериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги