Алыстағы Арал айдынлары

Японияның белгили басылымы – «Asahi Shimbun» газетасының дөретиўшилик жәмәәти усы жылдың 28-апрель –  6-май сәнелери аралығында Республикамызда сапарда болады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети хабар бермекте.

Сапар етиўден мақсет – Арал теңизи ҳаққында репортаж таялаў, соның ишинде, теңиз қәддиниң экологиялық жағдайын үйрениў, аймақтағы машқалаларды шешиўде Япония ҳүкимети менен халықаралық бирге ислесиў, сондай-ақ, донорлық шөлкемлер менен илимий-академиялық ислесиў шеңберинде Япония жәмийетшилигиниң дыққат-итибарын усы машқалаларды шешиўге шақырыў ҳәмде келешекте грант ҳәм техникалық қаржыларды тартыўды жолға қойыў болып табылады.

Мағлыўмат орнында: Япониядағы ең ири үш баслымның бири есапланған «Asahi Shimbun» газетасы(1879-жылдан баслап шыға баслаған)на келеси жылы 140 жыл толады. Сегиз миллион нусқада шығатуғын газета өз бетлеринде (http://www.asahi.com) Японияның сондай-ақ, дүнья еллериниң сиясат, экономикалық, жәмийетлик ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларынан  материаллар жәриялап барады.

Еслетип өтемиз, жақында Уллыбританияның жәҳәнге белгили BBC телерадиокорпорациясының дүньяжүзилик хызмети дөретиўшилик жәмәәти де Арал машқаласы туўралы қысқа метражлы фильмди сүўретке алған еди.

 

ҚХА