Усы жыл 13-15-апрель күнлери пайтахтымыздағы И.Юсупов атындағы инталы балалар мектеп-интернатында инновациялық олимпиаданың «Сүўретлеў өнери» бойынша финаллық басқышы болып өтти. Онда 8-класс оқыўшылары арасында биринши орынды республикамыздың Әмиўдәрья районындағы 12-санлы улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшысы Зебо Аманбаева жеңип алды. 9-10-класс оқыўшылары арасында бириншилик Қашқадәрья ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласы оқыўшыларына несип етти.

Солай етип, пүткил Өзбекистан бойлап бул олимпиаданың республикалық басқышы жуўмақланды. Нәтийжелерге бола, қарақалпақстанлы оқыўшылар информатика пәнинен екинши (Елликқала районынан Нафосат Камалова), химия пәнинен үшинши (Төрткүл районынан Тумарис Юсупова), физика пәнинен үшинши (Елликқала районынан Нодирбек Искендеров ҳәм Бекзад Досжанов), математика пәнинен үшинши (Шымбай районынан Дамир Дилмуратов, Елликқала районынан Шахзод Машарипов) орын жеңимпазлары болды.

Еслетип өтемиз, улыўма орта билимлендириў пәнлери бойынша Қәбилетли оқыўшылар инновациялық олимпиадасында мектеплердиң 8-9-10-класс оқыўшылары сүўретлеў  өнери, химия, биология, тарийх, физика, математика, информатика пәнлери бойынша беллеседи. Быйылғы олимпиадаға республикамыздың қала ҳәм районларынан жәми 4358 оқыўшы қатнасып, соннан 34 и финаллық басқышқа жолламаны қолға киргизди. Өзбекстан Республикасының 7 аймағында өткерилген олимпиаданың финаллық басқышында қарақалпақстанлы алты оқыўшы орын алыўға еристи.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.