Өзбексан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары, социаллық-экономикалық реформалардың барысы, ири жойбарлар менен жақыннан танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 13-апрель күни Сырдәрья ўәлаятында болды.

Ғәрезсизлик жылларында ўәлаят ҳәр тәреплеме раўажланды, қала ҳәм аўыллар абат болып, халықтың абаданлығы артты. Аймақта әмелге асырылып атырған избе-из реформалар нәтийжесинде қурылыс, аўыл хожалығы тармақларында, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик, социаллық тараўларды раўажландырыўда салмақлы нәтийжелерге ерисилмекте.

Президентимиз өткен жылы 17-май күни ўәлаятқа сапар етип, социаллық-экономикалық раўажланыў процеси менен танысқан еди. Ўәлаятты социаллық-экономикалық раўажландырыў Бағдарламасы шеңберинде 2017-жылдың жуўмағына бола, улыўма нырқы 507 миллиард 200 миллион сум инвестициялар өзлестирилиўи есабынан 1 мың 108 жойбар шеңберинде жаңа қуўатлылықлар иске түсирилип, 6 мың 200 жумыс орны жаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы бул ретки сапары даўамында ўәлаятты және де раўажландырыўға қаратылған бир қатар жойбарлардың әмелге асырылыўы, берилген тапсырмалардың орынланыўы менен танысты.

Шавкат Мирзиёев дәслеп Сырдәрья ўәлаяты Мирзаобод районындағы «Бек кластер» жуўапкершилиги шекеленген жәмийет түриндеги қоспа кәрхана тәрепинен шөлкемлестирилген заманагөй гидропоникалық ыссыханада болды, жумысшылар менен пикирлести.

Президентимиздиң Сырдәрья ўәлаятына өткен жылғы сапары ўақтында «Бек кластер» кәрханасын шөлкемлестириў жойбары усынылған еди. Бул жойбар мақулланып, мәмлекетимиз басшысының тийисли қарары қабыл етилди. Қысқа ўақытта кәрхана шөлкемлестирилип, оған ўәлаяттан 18 мың гектар жер ажыратылды. Бул жерлерде пахта, ғәлле ҳәм басқа да дәнли егинлер тәрбияланбақта. Заманагөй техникалар сатып алынған.

Бул көп тармақлы кластер тәрепинен Мирзаобод районында 100 гектар жерде Қубла Корея технологиясы тийкарында заманагөй гидропоникалық ыссыхана қурылып атыр. Бул жерде жылына 50 миллион долларлық өним жетистириў ҳәм оны 100 процент экспортқа жибериў мөлшерленбекте.

Соның менен бирге, «Бек кластер» қоспа кәрханасы жанында өсимлик өнимлерин жетистириў, қайта ислеў ҳәм тексериў илимий-әмелий орайының жумысын жолға қойыў режелестирилген. Бул жерде топырақты анализлеў, өсимликлер биотехнологиясы ҳәм қорғаў, селекция ҳәм пахта туқымгершилиги, палыз ҳәм овощ туқымгершилиги, өсүимликлер генетикасы лабораториялары ашылады. Тийкарғы мақсет аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўды көбейтиў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўден ибарат. Усы жойбарлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде мыңлаған жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы ыссыхана конструкцияларын ислеп шығарыўды жергиликлилестириў, мийўе-овощ жетистириў бойынша қәнигелер таярлаў, кластер жанында шөлкемлестирилетуғын илимий-әмелий орайдың жумысын жетилистириў бойынша көрсетпелер берди.

– Аўыл хожалығына илимий жақтан қатнас жасамағанымыз себепли, айырым егинлерден күтилген өним алынбай атыр, – деди Шавкат Мирзиёев. – Сонлықтан «Бек кластер» кәраханасы жанында жумыс баслайтуғын илимий-әмелий орайдың жумысын қоллап-қуўатлаймыз. Бундай орайларды басқа да  кластерлерде шөлкемлестириў керек. Биз тек ғана сапалы өним жетистириўди емес, оның қарыйдарын табыўды да ойлаўымыз зәрүр. Бүгинги тез өзгерип атырған заманның өзи усыны талап етеди.

Президентимиз аўыл хожалығы техникаларын да көзден өткерди. «Social web solution» кәрханасының қәнигелери тәрепинен жаратылған МКТ бағдарламасына айрықша итибар қаратты. Бул бағдарлама электрон саўданы кеңетиў, интернет арқалы социаллық хызметлер көрсетиў бойынша халыққа көплеген қолайлықлар жаратады. Бағдарламаны ислеп шыққанларды қоллап-қуўатлаў, оннан пайдаланыўды кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Усы жерде ўәлаятта балықшылықты, шарўашылықты, пиллешиликти ҳәм тери ийлеўди раўажландырыў, 2018-2019-жылларға мөлшерленген ирригация ҳәм мелиорация мәмлекетлик бағдарламасы, салы жетистириў, суўғарылмайтуғын ҳәм қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыў, ирригация-мелиорация тармақларын қурыў және реконструкциялаўға қаратылған жойбарларды таныстырыў болып өтти.

Шавкат Мирзиёев исбилерменлер ҳәм шет ел инвесторлары менен пикирлести, жойбарлардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша жуўапкер адамларға тапсырмалар берди.

Буннан соң М-34 «Ташкент-Душанбе» автомобиль жолының 117-146- километрлериндеги Ташкент көшесинде әмелге асырылып атырған абаданластырыў жумыслары менен танысты. Бул жолдың еки километринде үлги сыпатында қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылған. Арнаўлы пиядалар жолы, велосипедте ҳәрекет етиў ушын бөлек жол шөлкемлестирилген ҳәм заманагөй энергия үнемлейтуғын түнги жақтыландырғышлар орнатылып, көше бойлап саяманлы терек нәллери егилген.

Ташкент көшеси бойлап вокзал, автобус бәндиргилери, мешит, саяхатшылық орайы, мәденият ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў орайы, базар, диагностика орайы сыяқлы социаллық тараў объектлери қурылады. Бул көше 2018-2019-жылларда қурылып, пайдаланыўға тапсырылады.

– Жол бойындағы инфраструктура объектлериниң қурылысына айрықша итибар қаратыў зәрер. Олардың бир-бирине үйлесикли болыўы, улыўма концепцияны пайда етиўи мақсетке муўапық, – деди Президент. – Жол қурылысында асығыслық етпеў керек. Бул бағдарда сапа тийкарғы көрсеткиш болыўы зәрүр. Жол бойындағы темир тосқынлықлар жолаўшыларға ҳеш қашан кесент етпеўи керек.

Жойбар толық иске түсирилгеннен соң, пиядалар ҳәм айдаўшыларға қолайлы шараятлар жаратылады, сондай-ақ, келешекте заман талапларына тийкарланып Ташкент көшеси мысалында ўәлаяттың барлық көшелери қайта оңланады.

Президентимиз Гулистан қаласындағы суў спорты түрлерине қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде қурылған жабық жүзиў бассейнин барып көрди.

Спорт мектебинде 25×11 ҳәм 6×12,5 өлшемдеги жүзиў бассейнлери, бийикликтен суўға секириў спорт түри ушын өз алдына    зал қурылған болып, бассейнниң көлеми 12×10 метр ҳәм жас спортшылардың суўға секириўи ушын оларға бейимлестирилип 1,3 ҳәм 5 метр бийикликте трамплинлер орнатылған. Тамашагөйлер ушын 250 отырғыш бар. Күнине 250 адамды қабыл етиў қуўатлылығына ийе комплекс барлық үскенелер менен тәмийинленген, медицина бөлмелери, тренажёр, асхана ҳәм басқа да бөлмелерде спортшылар турақлы шуғылланыўы мүмкин. Буннан тысқары, суўды тазалаў, ысытыў үскенелери де орнатылған. Ҳәзирги ўақытта бул жерде жүзиў бойынша шөлкемлестирилген 15 оқыў-шынығыў топарына 176 жас тартылған.

Жабық жүзиў бассейниниң ҳаўа айланыў системасын жақсылаў, шуғылланыўшылар ушын және де қолайлы шараят жаратыў бойынша жуўапкер адамларға тапсырмалар берилди.

Мәмлекетимиз басшысы Гүлистан қаласында шөлкемлестирилген Әлийшер Наўайы атындағы билимданлар мәканында болды.

Қаланың Ислам Кәримов көшесиндеги бурынғы қыябан қайта реконструкцияланып, усы жаңа орын жумыс баслады. Барлық шараятлар жаратылған компексте 1 китап дүканы, 1 гүл дүканы ҳәм китапқумарлар ушын арнаўлы әйўанлар қурылған.

Президентимиз усы әйўанда ўәлаяттың дөретиўши зыялылары, социаллық тараў, жаслар ўәкиллери пенен ушырасты. Онда елимизде ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер туўралы сөз болды.

– Әпиўайы адамлардың разылығына ерисиў ушын еле оғада көп жумыслар ислеўимиз керек, – деди Шавкат Мирзиёев. – Елимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы Сырдәрья ўәлаятында да жаңа кәрханалар қурыўымыз зәрүр. Ол халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, дәраматын арттырыўда әҳмийетли тийкар болады.

Ушырасыўда шығып сөйлегенлер елимизде дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў, жаслардың билимин ҳәм маманлығын арттырыў жолында қабыл етилип атырған әҳмийетли ҳүжжетлер ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.

Билимданлар мәканы ўәлаят жасларын ўатанды сүйиўшилик ҳәм миллий қәдриятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, физикалық ҳәм руўхый жақтан бәркамал етип камалға келтириўге хызмет етеди.

Мәмлекетимиз басшысы Сырдәрья районындағы «Сырдәрья мега люкс» жуўапкершилиги шекленген жәмийет түриндеги Өзбекстан-Россия қоспа кәрханасында қадақлаў өнимлерин ислеп шығарыў бойынша әмелге асырылып атырған жойбарлар менен танысты.

Президентимиз кәрхананың өндирислик процесин көзден өткерди. Усынылып атырған жойбарлар, перспективадағы режелер менен қызықсынды.

2012-жылы шөлкемлестирилген қоспа кәрханада полипропилен грануласынан химия, қурылыс, тоқымашылық, азық-аўқат ҳәм азық-аўқатлық емес, фармацевтика, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў санааты, шийки зат ҳәм материаллар экспорты менен шуғылланатуғын саўда компаниялары ушын ҳәр қыйлы өлшемдеги қадақлаў өнимлери ислеп шығарылмақта.

Дәслеп 75 жумысшы менен жумыс баслаған ҳәм тек ғана бир түрдеги қалталар ислеп шығарылған кәрханада ҳәзирги ўақытта өнимниң түри 17 ге, жумысшы-хызметкерлердиң саны 650 адамға жетти. Өнимлердиң 35-40 проценти Россия, Беларусь, Украина, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан Аўғанстан, Балтық бойы мәмлекетлерине экспорт етилмекте.

Кәрханада 2018-2023-жылларда нырқы 100 миллион АҚШ доллары болған жети перспективалы жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Полипропиленнен қадақлаў өнимлерин, экспорт пенен шуғылланатуғын компаниялар ушын жумсақ контейнерлер, қадақлаў өнимлерин ислеп шығарыў ушын плёнкалар, шеттен импорт етилип атырған жәрдемши шийки зат ҳәм материаллар ислеп шығарыў сыяқлы жойбарлар усылардың қатарына киреди. Бул жойбарлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде 2 мың 500 адам жумыс пенен тәмийинленеди. Қуўатлылықлар толық жумыс баслағаннан соң, жылына 125 миллион долларлық өним экспорт етилип, 80 миллион долларлық импорттың орнын басатуғын өним ислеп шығарылады. Бул өнимлерге ҳәзирдиң өзинде ҒМДА, Европа Аўқамы, Латын Америкасы еллеринен усыныслар келип түспекте.

Мәмлекетимиз басшысына усы жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Атап өтилиўинше, иске түсирилетуғын жаңа тармақларға Россия, АҚШ. Германия, Италия, Австрия сыяқлы мәмлекетлердеги жетекши компаниялардың заманагөй технологиялық үскенелери орнатылады. Бул қуўатлылықлар кәрхана жанында қурылып атырған технопаркте жайластырылады.

Президентимиз жаңа өнимлердиң өтимлилиги, экспорт географиясы менен қызықсынды. Өндириске инновациялық технологияларды кеңнен енгизиў арқалы сыртқы базарда Өзбекстан өнимлериниң абыройын арттырыў бойынша зәрүр көрсетпелер ҳәм усыныслар берди.

«Сырдәрья мега люкс» қоспа кәрханасы аймағында ўәлаятта ислеп шығарылып атырған санаат өнимлериниң көргизбеси ҳәм санаатты раўажландырыў бойынша жойбарларды таныстырыў өткерилди.

Ўәлаяттың географиялық жайласыўы аймақтың санаат, логистика имканиятларын кеңейтиў, шет ел инвестицияларын тартыў, шет елли шериклер менен байланысларды беккемлеўде үлкен қолайлық жаратады. Ўәлаятта шет ел компанияларының қатнасында 90 кәрхана жумыс ислемекте. Олар тәрепинен заманагөй логистика орайларын шөлкемлестириў, Lеd лампочкалары, лифт ҳәм эскалаторлар, қурылыс ушын металл конструкциялар ислеп шығарыў, тери, мийўе-овощ өнимлерин қайта ислеў ҳәм қадақлаў, фармацевтика тараўларында бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта.

2018-2019-жылларда ўәлаятқа тартылатуғын тиккелей шет ел инвестициялары нәтийжесинде химия, аўыл хожалығы, азық-аўқат, жеңил санаат ҳәм басқа да тармақларда бир қатар перспективалы жойбарлар турмысқа енгизиледи. Бул бағдардағы 203 жойбар әмелге асырылыўы нәтийжесинде 14,6 мың жумыс орны жаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы «Идеал аср» кәрханасының басым астында ислейтуғын үскенелерин ҳәм арнаўлы техникаларын көзден өткерди. Бул сыйымлылықлар суйылтырылған газди сақлаўға және тасыўға мөлшерленген болып, шетки аймақлардағы халықты тәбийғый газ бенен тәмийинлеўде үлкен қолайлылық жаратады.

Президентимиз бул сыйымлылықларды көп қабатлы жайлар, саўда орайларын қурыў жойбарларына киргизиў зәрүрлигин, ол үлкен экономикалық үнемлиликти келтиретуғынын атап өтти.

Гүлистан қаласында жайласқан «Modern lift systems» ЖШЖ да ең заманагөй ҳәм энергияны үнемлейтуғын технологиялық үскенелер менен тәмийинленген лифт ҳәм эскалатор ислеп шығарыў режелестирилмекте. Усы жойбар, ең дәслеп, ўәлаятларда қурылатуғын көп қабатлы жайларды лифт пенен тәмийинлеў имканиятын береди. Жылына 500 дана лифт ҳәм 300 дана эскалатор ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе кәрхана өнимлериниң бир бөлеги ишки базардың талапларын қанаатландырса, 35 проценти экспортқа жибериледи.

«Янги ер» киши санаат зонасы аймағында «Бахромжон Нур саўда» жеке меншик кәрханасы 2010-жылы шөлкемлестирилген. Тийкарынан лак-бояў ҳәм кептирилген сыбаў материалларын ислеп шығарыўға қәнигелестирилген кәрханада жаңа өним түрлерин өзлестириўге айрықша итибар қаратылмақта. Усы жылдан баслап кәрханада 30 түрдеги кроссовкалар ислеп шығарыў жолға қойылды. Бүгинги күнде кәрханада 163 жумысшы мийнет етпекте.

Усы ўақытқа шекем кроссовкалар тийкарынан шет елден алып келинетуғын еди. «Бахромжон Нур саўда» жеке меншик кәрханасының өнимлери импорт орнын қаплаў ҳәм экспорт етиў имканиятын береди.

– Мен еки жумыс орнын жаратқан исбилерменди ийнимде көтериўге таярман, деген едим. Мине, усындай кәрханаларды шөлкемлестирип, 100-200 жумысшы орнын жаратып атырған ўатанласларымыз елимизге көп пайда келтиреди, ишки базарымызды ийелейди. Усы жойбарды кеңейтип, өнимге кетип атырған материалларды толық өзимизде ислеп шығарыўға ерисиў керек. Бул ушын исбилерменге жәрдем бериў, зәрүр қаржы менен тәмийинлеў тийис, деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз «Grocus Uz compozite» кәраханасында жергиликли шийки зат яғный шийше пахта, кварц қумы ҳәм эфир майынан ислеп шығарылып атырған қубырлардың абзаллығына айрықша итибар қаратты. Бул өнимлер бетонға қарағанда бираз шыдамлы, аз қәрежетли ҳәм узақ мүддет пайдаланыў мүмкин.

– Бундай өнимлер тек ғана Сырдәрья ўәлаяты ушын емес, ал пүткил елимиз ушын оғада пайдалы, – деди мәмлекетимиз басшысы. – Суўдың ысырапгершилигин азайтыў, аўыл хожалығында дәраматты арттырыўда бундай инновациялық көзқараслардың әҳмийети үлкен. Бул өнимлерди фермер ҳәм дийқанларға кеңнен енгизиў керек.

Боёвут районында «Maker International Uzbekistan» кәрханасы тәрепинен мақпал гүл (бархатец) жетистириў есабынан тәбийғый дәри экстрактын алыў жолға қойылады. Бул ушын 1000 гектар жер ажыратыў режелестирилген. Бул жерде 30 мың тонна гүл жетистириў, оннан 300 тонна экстракт алыў мүмкин. Гүлдиң шақасы шарўашылық ушын азықлық болады.

Жойбар иске түсирилиўи нәтийжесинде жылына 10 миллион долларлық дәри қураллары ислеп шығарылады, 200 адам турақлы, 1000 нан аслам адам мәўсимлик жумыс пенен тәмийинленеди. Жойбардың абзаллығы тәбийғый дәри экстрактының базары бар. Қытайдан тысқары АҚШ, Испания, Мексика ҳәм Европа мәмлекетлерине экспорт етиў режелестирилген. Ол елимизге валюта түсимин көбейтиўге хызмет етеди.

Мақпал гүлдиң бир гектарынан бес мың долларға шекем пайда алыў мүмкин. Бул өсимликтен алынған экстракт иммун системасын беккемлейди, қан басымын төменлететуғын қәсийетке ийе. Буннан тасқары, вирусларға қарсы гүресиўшең болғаны себепли оғада пайдалы. Кәрхана интакерлери ярым таяр өним менен шекленип қалмастан, келешекте таяр дәри қуралларын ислеп шығарыўды мақсет еткен.

Президентимиз мақпал гүл өсимлиги егилетуғын жерлерди 2 мың гектарға кеңейтиў, келеси жылларда басқа ўәлаятлардың есабынан 5 мың гектарға жеткериў ҳәм экспорт көлемин көбейтиў бойынша тапсырмалар берди.

Таныстырыў ўақтында мәмлекетимиз басшысына Сырдәрья ўәлаятындағы«Peng Sheng» комплекси қурамындағы «AWP» қоспа кәрханасында суў үскенелери, жезден таяқшалар, фитинглер, үлкен көлемдеги керамикалық плиталар, есик қулыпларын ислеп шығарыў сыяқлы бир қатар жаңа жойбарлар көрсетилди.

Шавкат Мирзиёев көбирек жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў, жергиликли шийки зат тийкарында өним ислеп шығарыўға көбирек шет ел инвестицияларын тартыў бойынша тапсырмалар берди.

Усы күни Сайхунобод районындағы 8-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде ўәлаят белсендилериниң қатнасыўында мәжилис болып өтти.  Видеоселектор түринде болып өткен мәжилисте ўәлаяттың экономикасын раўажландырыў. билимлендириў, медицина тараўларындағы өзгерислер, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери додаланды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Сырдәрья ўәлаятына сапар етиўи жуўмақланды.

ӨзА