Усы жыл 11-12-апрель күнлери Тахтакөпир районындағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»на бағышланып 2005-2006-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында  спорттың дзюдо түри бойынша ашық бириншилик өткерилди.

Жарысқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан 9 команда,  236 оқыўшы қатнасты.

Жарыс жуўмығында 2005-2006-жыллары туўылған ер балалар арасында 26кг салмақта қоңыратлы Азамат Жумабаев, 29кг салмақта нөкисли Руслан Жолдасбеков, 32кг салмақта қоңыратлы Батырбек Турғанбеков, 35кг салмақта тахтакөпирли Алий Уббиев, 38кг салмақта қараөзекли Султанбек Қулмуратов, 42 кг салмақта нөкисли Шарап Абдиғалиев, 46кг салмақта тахтакөпирли Муҳаммед Базарбаев, 50кг салмақта нөкисли Ғапур Жумабаев ҳәм Руслан Ерназаровлар бириншиликти қолға киргизген болса, 2005-2006-жыллары туўылған қызлар арасында 30кг салмақта қоңыратлы Жасмина Отарбаева, 33кг салмақта қараөзекли Динора Баҳидова, 36кг салмақта тахтакөпирли қызлар Салима Жарылқасинова менен Улдана Сайымбетовалар бириншиликти ийеледи.

Солай етип, командалық есапта Нөкис қаласы спортшылары биринши, Тахтакөпир районы спортшылары екинши, Қараөзек районы спортшылары үшинши орын жеңимпазлары деп табылды.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған медаль ҳәм диплом менен сыйлықланды.

 

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги