Район ҳәкимлиги рәсмий вебсайтының берген мағлыўматына қарағанда, райондағы «Бескөпир» ҳәм «Бостан» аўыл пуқаралар жыйынлары аймағында «Абат аўыл» бағдарламасы тийкарында қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыў белгиленген.

«Бескөпир» аўыл пуқаралар жыйынында 756 хожалықта 4968 адам жасайды. Аймақта «Агро бизнес Қонликўл» ЖШЖ тәрепинен 28 мыңбас таўық бағылатуғын қусшылық фирмасын қурыў режелестирилген болып, бул жерде 15 жаңа жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылған. Сондайақ, «Әсембағ» жеке кәрханасы тәрепинен мәмлекетлик шериклик тийкарында 50 орынлық жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси қурылады. Аймақтағы 13-санлы улыўма билим бериў мектебинде капитал оңлаў, 2 километрлик пиядалар жолын оңлаў, 30 дана көше шырақларын орнатыў, 0,06 гектарлық жер майданын гүлзарлыққа айландырыў, 2,1 километрлик магистрал суў тармақларын реконструкциялаў, 2 дана трансформаторды қайтадан орнатыў ҳәм 0,39 километрлик ишки жолларды оңлаў жумыслары баслап жиберилди.

Райондағы «Бостан» аўыл пуқаралар жыйынында 543 хожалықта 3268 адам жасайды. Аймақта «Садықов Сабыржан» фермер хожалығы тәрепинен 500 бас нәсилли қарамал алып келип, көбейтиў есабынан халықтың гөш ҳәм сүт өнимлерине болған талабын турақлы түрде тәмийинлеў режелестирилген болып, бул арқалы 20 жаңа жумыс орнын ашыў нәзерде тутылған. Сондайақ, аймақтағы 8-санлы улыўма билимбериў мектебинде ҳәм 12-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде капитал реконструкциялаў, 0,7 километрлик пиядалар жолын оңлаў, 20 дана көше шырақларын орнатыў,0,06 гектарлық жер майданын гүлзарлыққа айландырыў, 2 километрлик магистрал суў тармақларын, 2 километрлик көше тармақларын реконстуркциялаў және 1,15 километрликишки жолларды оңлаў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги