Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 22-январьдағы ПФ-5308-санлы Пәрманы тийкарында тастыйықланған Мәмлекетлик бағдарламасының 213-бәнтинде 2018-жылдың январь-апрель айлары даўамында Республикалық Қуран оқыў жарысын өткериў нәзерде тутылған еди. Ҳәзирги ўақытқа шекем бул жарыстың аймақлық басқышлары жуўмақланған. Бул ҳаққында Kun.uz сайтына тийкарланып Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Жарыстың еркеклер арасындағы республикалық басқышы 21-, 22-, 23- ҳәм 24-апрель күнлери Ташкент қаласындағы Студентлер қалашасында жайласқан «Жаслар аўқамы» әнжуманлар үйинде (ӨзМУдың бурынғы мәденият сарайы) болып өтеди.

Жарыстың ҳаял-қызлар арасындағы республикалық басқышы 25-26-апрель күнлери Ташкент қаласындағы Студентлер қалашасында жайласқан «Жаслар аўқамы» әнжуманлар үйинде (ӨзМУдың бурынғы мәденият сарайы) болып өтеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги