Мутахассис минбари: Солиқ ислоҳотидан сўнг маошимиз камайиб, даромад солиғи ставкаси кўпаяди...ми?

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 13-февральдағы «Салық нызамшылығын түп-тийкарынан раўажландырыў бойынша шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық ислеп шығылған «Өзбекстан Республикасының салық системасын реформалаў концепциясы» кең жәмийетшилик итибарына усынылды. Бул концепция бүгинги күнде қызғын додаланбақта. Салық реформалары кең қамтылған болып, барлық салық түрлерин қайтадан көрип шығыў нәзерде тутылмақта. Бул процессте көпшиликти ис ҳақысынан алынатуғын дарамат салығы менен байланыслы өзгерислер қызықтырып атырғанлығы тәбийғый жағдай.

         Усы жылдың 7-апрель күни kun.uz мәлимлеме сайтында Қахрамон Аслановтың «Айлығымның қалғаны қәне?» Жаңа салық системасы қалай тәсир етеди?» атамасындағы анализли мақаласы жарияланды. Қәниге сыпатында автордың пикирлери және есап-санақларын орынлы деп ойлайман. Автор айтқанындай, «есап-санақлар бираз улыўма көринисте усынылмақта». Көпшилигимиз тек ғана бирден-бир салық ставкасын 25 процент етип белгилеў усынысы билдирилип атырғанлығынан хабардармыз. Егер жаңа салық концепциясында Қахрамон Асланов анализиндеги тәртип-қағыйда нәзерде тутылып атырған болса, оның пикирлерин мақуллаймыз.

Арадан еки күн өтип, 9-апрельде xabar.uz мәлимлеме-анализлеў порталында Мансур Тангишевтың «Айлығыңыз кемеймейди. Жаңа салық системасы айлыққа унамлы тәсир етеди» атлы мақаласы жәрияланды. Қахрамон Аслановтың шолыўларына жуўап түринде берилген усы мақалада автор айлықлардың кемеймеўин, жаңа концепция унамлы өзгерислерге тийкар болыўын атап өтеди. Авторлардың арасында төрешилик етпекши емеспен. Бирақ Тангишевтиң жумыс бериўши (кәрхана) төлейтуғын Бирден-бир социаллық төлем менен жумысшының дәрамат салығын араластырып жибергени түсиниксиз жағдай.

«Максимал кери нәтийже сыпатында тек ғана айлық аспаўы мүмкин, бирақ бул да ҳақыйқаттан бираз узақ. Неге десең айлықтың асырылыўы базардағы улыўма баҳалар тенденциясына көре әмелге асырылыўы керек болған илаж. Бул автордың айлықлар кемейиўи ҳаққындағы пикирлери дурыс емес екенлигин билдиреди», деп жазады М.Тангишев.

Реформа жаңалаў, жақсылаў, дегени. Мен реформаны жәмийеттеги белгили бир кеселликти емлеўши шыпакерлерге уқсатаман. Ақша, ўақыт саўып емлеўханада жатсақ, бирақ ол жерден емленбестен шықсақ ким айыпкер болады, шыпакер ме? Солай екен, реформа әлбетте жақсылыққа хызмет етиўи шәрт.

Улыўма алғанда, еки автордың да қәнийге сыпатындағы пикирлери дурыс. Бирақ, гәп айлық пулдың муғдары ҳаққында кетип атырған жоқ. Мақсет – салық ставкасын пәсейтиў.

Өзбекстан Республикасы Салық комитети баслығының биринши орынбасары Бегзод Мусаевтың «O’zbekiston 24» телеканалына берген интервьюинде айтылыўынша, салық системасын реформалаў бойынша Президентимиз тәрепинен белгиленген тийкарғы ўазыйпалар төмендегилер:

  1. Салықларды әпиўайыластырыў
  2. Салықлардың санын қысқартыў
  3. 3. Салық ставкаларын пәсейтиў

         Реформаларды қолланыў ушын алдынғы шет еллер, Қубла Корея, ҒМДА мәмлекетлериниң тәжрийбеси менен танысыў, мақул болған жерлерин қолланыў нәзерде тутылған.

Б.Мусаевтың айтыўынша, дәрамат салығы бойынша Бирден бир социаллық төлем (25 процент) ҳәм дәрамат салығы (шкала бойынша) бирлестирилип, 25 процент муғдарда ҳызметкерден услаў усыныс етилген. Яғный, Бирден бир социаллық төлем (25 процент) ҳәм шкала бойынша 22,5 процент +8 процент пенсия фондына жәми шама менен 52 процентли салықты 25 процентке шекем кемейтирилди, деген жуўмақ етиледи. Бул қаншели дурыс екенин тусиниў аңсат болыўы ушын, анық мысалларда көрип шығамыз.

Әмелдеги салыққа тартыў системасында:

Айтайық, «Альфа» компаниясы ҳызметкерге 1 миллион сум айлық есаплады. Сол ўақытта 250 мың сум Бирден бир социаллық төлем есапланады. Бул компания тәрепинен төленетуғын төлем. Ҳызметкерден 74 мың 574 сум дәрамат салығы, 80 мың сум пенсия фондына, жәми 154 мың 574 сум услап қалынады. Ҳызметкер қолына 845 мың 426 сум алады. Басқаша айтқанда, есапланған ис ҳақының 15,5 проценти услап қалынады.

Жаңа салыққа тартыў системасында:

Жоқарыда көрсетилген компания ҳызметкерге 1 миллион сум айлық есаплады. Ҳызметкерден 25 процент бирден-бир салық, яғный 250 мың сум өндириледи ҳәм ол қолына 750 мың сум алады. Егер басқаша тәртип көзде тутылмаған болса, 95 мың 426 сум (9,5 процент) көбирек услап қалынады. Жуўмақ шығарыў болса өзиңизден.

НТВ газетасының бас редакторы Михаил Перпер: «Экспертлердиң пикиринше, әмелде бул салық ҳызметкер ҳәм бизнес арасында екиге бөлинеди – тийислигинше 10 процент 15 процент болып», деген пикир билдирген. Егер сондай болса, неге бул концепция жойбарында көрсетилмеген? Механизми ҳаққында ҳеш нәрсе билмеймиз. Салық концепциясының жарияланған жойбарында қандай вариант усыныс етилип атырғанлығын билиўдиң имканияты жоқ. Соның ушын ҳәзирше қатаң пикир билдире алмаймыз. Концепция авторлары усы мәселеде анықлық киргизип, мағлыўмат берсе, мақсетке муўапық болар еди.

Мағлыўмат ушын:  Қоңсы мәмлекетлер тәжрийбесине қарайтуғын болсақ, Россияда 12 процент + (1процент пенсия фондына), Қазақстанда 9,5 процент Бирден бир социаллық төлем 3,5 процент, Қырғызстанда 10 процент, Грузияда 20 процент, Белоруссияда 13 процент дәрамат салығы усланады.

 

 

Хамза Сариев, экономист

ӨзА