Пайтахтымызда 13-апрель күни Өзбекстан көлеминде 8-10-класс оқыўшылары арасында қәбилетли оқыўшылардың инновациялық олимпиадаcы басланды. Үш күн даўам ететуғын олимпиадада Самарқанд ўәлаятынан басқа барлық ўәлаятлардан жәми 28 оқыўшы беллесиўи күтилмекте.

«Прогресс» раўажландырыў ҳәм билимлендириў орайында олимпиаданың ашылыў мәресими болып өтти. Ҳәр бир ўәлаят өзлериниң миллий шығыўлары менен қатнасқан бул салатанатлы илаж өз-ара дослық қатнасықларын беккемлеў мақсетинде шөлкемлестирилген тренинглер менен даўам етти. Тренинг Республикалық балалар китапханасында өткерилди.

Сондай-ақ, олимпиада процеси 14-апрель күни И.Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп интернатында даўам етти. Бүгин олар И.В.Савицкий атындағы қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине саяхат етеди ҳәм илажлар «Прогресс» раўажландырыў ҳәм билимлендириў орайында олимпиада жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими менен жуўмақланыўы нәзерде тутылмақта.

Еслетип өтемиз, бул олимпиадада биринши орынға сазаўар болған жеңимпаз оқыўшы Халықаралық олимпиадаларға қатнасыў имканиятына ийе болады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги