Өзбекстан Республикасы Президентиниң “2018-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында”ғы қарарына тийкарланып Қарақалпақстан Республикасы көлеминде өткерилген “Аспазлар таңлаўы”нда төрткүлли аспазлардың қолы бәлент келди.

Қарақалпақстан Республикасы Аспазлар бирлеспеси, Саўда-санаат палатасы биргеликте улыўма аўқатланыў тараўында хызмет көрсетип атырған исбилерменлер  (кәрхана аспазлары) арасында Наўрыз байрамына бағышланып шөлкемлестирилген “Аспазлар таңлаўы”на қала ҳәм районлардан шебер аспазлар қатнасты.

Комиссия жуўмағына көре, екинши орын Шымбай, үшинши орын болса Мойнақ районлары аспазларына несийп етти.

Таңлаўда буннан тысқары “Ең жас аспаз”, “Ең жақсы салат”, “Ең жақсы  шет ел тағамы”, “Ең жақсы үлгили аспаз” номнациялары бойынша да жеңимпазлар анықланды ҳәм шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

ҚХА