Аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға, майыплығы болған, кем тәмийинленген, перзентлерин толықсыз тәрбиялап атырған ҳәм турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж аналарға арзанластырылған турақ жайлар бериў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналында мәлим етилди.

Қарар тийкарында турақ жайға мүтәж ҳаял-қызлар ушын берилетуғын арзан турақ жайлар төлеминиң:

– 25 проценти Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмийетлик қоры, талапкер ислеп атырған шөлкем ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дәреклердиң есабынан (басланғыш төлем сыпатында);

– 75 проценти ипотека тийкарында коммерциялық банклердиң жеңилликли кредитлери есабынан қаржыландырылады.

Турақ жайға мүтәж болған ҳаял-қызлар ушын ажыратылатуғын жеңилликли кредитлерди сөндириў:

– талапкердиң өз қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дәреклер;

– талапкер кем тәмийинленген, турақлы дәраматқа ийе болмаған ҳәм кредитти қаплаўға мүмкиншилиги жетерли болмаған жағдайда ол жумыс ислеп атырған шөлкем, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси, «Мәҳәлле» қайырқомлық қорының қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дәреклер есабынан әмелге асырылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги