Аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға, майыплығы болған, кем тәмийинленген, перзентлерин толықсыз тәрбиялап атырған ҳәм турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж аналарға арзанластырылған турақ жайлар бериў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналында мәлим етилди.

Усы қарарға муўапық:

– аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға, майыплығы болған, кем тәмийинленген, перзентлерин толықсыз шаңарақта тәрбиялап атырған ҳәм турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж болған аналарға арзанластырылған турақ жайларды қурыў 2017-2021-жыллары аўыллық жерлерде жаңаланған үлги жойбарлар тийкарында арзанластырылған турақ жайлар қурыў бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылады.

Турақ жайға мүтәж болған ҳаял-қызларға арзанластырылған турақ жайлар жеңилликли ипотека кредити тийкарында белгиленген тәртипте район (қала)лар категориясынан келип шығып, ҳәр жылы төмендеги көлемде ажыратылады:

– I категорияға киретуғын районларда – биреўден еки, үш этажлы имаратларға үйлерден (2-3 бөлмели) ҳәм бесеўге шекем ҳәўлидеги имаратлары менен 0,02 гектарлы жер участкаларында 2-3 бөлмели бир этажлы турақ жайлардан;

– II категорияға киретуғын районларда – екеўден еки, үш этажлы имаратлардағы үйлерден (2-3 бөлмели) ҳәм сегизге шекемги ҳәўлидеги имаратлары менен 0,02 гектарлы жер участкаларында 2-3 бөлмели бир этажлы турақ жайлардан;

– I категорияға киретуғын қалаларда ҳәм Ташкент қаласының районларында – алтыға шекем көп этажлы имаратлардағы үйлерден (2-3 бөлмели);

– II категорияға киретуғын қалаларда – онға шекем көп этажлы имаратлардағы үйлерден (2-3 бөлмели);

– майыплығы болған ҳаял-қызларға көп этажлы арзан үйлердиң биринши ҳәм екинши этажларындағы үйлер ажыратылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги