Қарақалпақстан Республикасы кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесинде мийнетти қорғаў ҳәм қәўипсизлик бойынша жәмийетлик қадағалаўды шөлкемлестириў бойынша республикалық таңлаўдың «Ең жақсы кәрхана», «Ең жақсы кәсиплик аўқам комитети», «Мийнетти қорғаў бойынша ең жақсы ўәкил», «Мийнетти қорғаў бойынша жас қәниге» номинацияларында Қарақалпақстан Республикасы басқышының жеңимпазларын сыйлықлаў салтанаты болып өтти.

Таңлаўдың биринши басқышы бойынша дүзилген комиссияның шешими менен ең жақсылар анықланып, жеңимпаз деп табылды. Атап айтқанда, Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы тараўында «Ең жақсы кәрхана» номинациясы бойынша «Халқабад пахта тазалаў» акционерлик жәмийети,  Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы тараўында «Ең жақсы кәрхана» номинациясы бойынша Елликқала районлық медицина бирлеспеси, «Мийнетти қорғаў бойынша ең жақсы ўәкил» номинациясы бойынша Қараөзек районлық медицина бирлеспеси «Мийнетти қорғаў бойынша жас қәниге» номинациясы бойынша Нөкис қалалық медицина бирлеспесинен Баҳадыр Дарханов,  Тутыныў товарларын өндириў, саўда ҳәм хызмет көрсетиў шөлкемлери хызметкерлери кәсиплик аўқамы тараўында «Ең жақсы кәрхана» номинациясы бойынша «Амудәрьятекс» ЖШЖ, Мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмет көрсетиў хызметкерлери кәсиплик аўқамы тараўында «Ең жақсы кәрхана» номинациясы бойынша Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң Нөкис автомобиль мектеби, «Мийнетти қорғаў бойынша ең жақсы ўәкил» номинациясы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы,  Транспорт, жол ҳәм капитал қурылыс, қурылыс индустриясы хызметкерлери кәсиплик аўқамы тараўында «Ең жақсы кәрхана» номинациясы бойынша  «Қарақалпақстан Республикасы жоллардан турақлы пайдаланыў» унитар кәрханасы, Нефьт-газ ҳәм геология хызметкерлери кәсиплик аўқамы тараўында номинациясы бойынша «Тақыятас нефьт базасы» ЖШЖ, Химия санааты хызметкерлери кәсиплик аўқамы тараўында «Ең жақсы кәрхана», «Ең жақсы кәсиплик аўқам комитети»  номинациялары бойынша «Қоңырат сода заводы» унитар кәрханасы, Энергетика тараўы хызметкерлери кәсиплик аўқамы тараўында «Ең жақсы кәрхана», «Ең жақсы кәсиплик аўқам комитети»  номинациялары бойынша «Тақыятас жыллылық электр станциясы» акционерлик жәмийети жеңимпаз болды.

-Таңлаўды өткериўдеги мақсет, хызметкерлерге саламат ҳәм қәўипсиз мийнет шараятын жаратыў, өндиристеги бахытсыз ҳәдийселер менен кәсип кеселликлериниң алдын алыў, сондай-ақ, мийнетти қорғаў ҳәм қәўипсизлик ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери үстинен жәмийетлик қадағалаўды тәмийинлеўде кәсиплик аўқамлары жумысларының нәтийжелилигин арттырыўдан ибарат,-дейди Қарақалпақстан Республикасы кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң бөлим меңгериўшиси Бекполат Утепбергенов.-Бул ийгиликли иске жасларды кеңирек тартыў мақсетинде быйылғы жылы таңлаўға жаңадан «Мийнетти қорғаў бойынша жас қәниге» номинациясы киргизилди.

Таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышының жеңимпазларына шөлкемлестириўшилер тәрепинен Диплом және баҳалы саўғалар тапсырылды.

Мийнетти қорғаў  ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўде жәмийетшилик қадағалаўды шөлкемлестириў бойынша республикалық таңлаўдың келеси басқышының жеңимпазлары 28-апрель-Пүткил дүньяжүзилик мийнетти қорғаў күни анықланады.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.