Нөкис қаласы ҳәкимлигинде Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша Жоқарғы судының судьясы лаўазымына талабан Гүлнара Базарбаеваны кең жәмийетшиликке таныстырыўға бағышланған мәжилис болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов басқарып барған илажға қала ҳәм район ҳәкимликлери, Халық қабыллаўханалары, билимлендириў мәкемелериниң, жәмийетлик шөлкемлердиң ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Өзбекистан Республикасы Судьялар Жоқарғы кеңесиниң ағзасы Рахат Исмайлов шығып сөйлеп, елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет, пуқаралық жәмийет қурыўда нызам үстинлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти ҳәм жыйналғанларды талабанның өмири және  мийнет жолы менен таныстырды.

Атап өтилгениндей, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында пуқаралардың әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў, суд ҳәкимиятының ҳақыйқый еркинлигин тәмийинлеў, инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў суд-ҳуқық саласындағы реформалардың тийкарғы бағдарлары етип белгиленди. Усы жыл 13-июнь күни Ташкент қаласында болып өткен суд уйымлары системасында әдил судлаўды тәмийинлеў бағдарындағы жумыслардың жағдайы, машқалалар ҳәм келешектеги ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилисинде ҳүрметли Президентимиздиң атап өткениндей, буннан кейин судьялардың жумысына, биринши гезекте, халықтың өзи баҳа береди. Соның менен бирге, судьялардың жоқарғы кеңесине судьялық лаўазымларына маман қәнигелер арасынан ашық-айдын ҳәм анық таңлаў тийкарында судьялар корпусын қәлиплестириў, талабанлардың ҳәм судьялардың кәсипке таярлығын шөлкемлестириў, халық пенен пикирлесиўди жолға қойыў ўазыйпалары жүкленген.

Илажда Нөкис қалалық «Нураний» қорының баслығы Караматдин Қалендеров, Нөкис медицина колледжи директорының орынбасары Зыяда Бекманова, Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық кеңесиниң баслығы Азиз Пиржанов, пайтахтымыздағы 44-санлы улыўма билим бериў  мектебиниң муғаллими Мамура Атажанова талабанды қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

-Жоқарыда атап өтилген видеоселектр мәжилисинде ҳүрметли Президентимиздиң судьялар ҳәр бир инсан тәғдирин шешкенде санасында әдиллик, тилинде ҳақыйқат, қәлбинде пәклик болыўы тийис, деген пикирин ҳәр бир судья жүрегинде сақлаўы керек,- дейди судьялық лаўазымына талабан Гүлнара Базарбаева.-Солай екен, егерде мени усы мәртебели ҳәм жуўапкерли лаўазымға ылайық деп тапса, бар билим және тәжирийбемди судлардың шын мәнисиндеги «Әдиллик қорғаны»на айланыўына, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўға, тараўға жетик қәнигелер таярлаўға жумсайман деп, исендиремен. Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 21-февральдағы «Өзбекистан Республикасы суд системасы структурасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы суд ҳәкимиятының шын мәнисиндеги бийғәрезлигин тәмийинлеў,  судлар искерлигиниң нәтийжелилигин ҳәм абыройын арттырыў,  судлардың дүзилиси және судьялық лаўазымына талабанларды таңлаў ҳәм тайынлаў системасын буннан былай да жетилистириўге хызмет етпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.