Усы жылдың 18-28-июль күнлери аралығында Россияның НТВ телеканалының «Пора в отпуск» бағдарламасының он адамнан ибарат дөретиўшилик топары Өзбекистан Республикасында сапарда болады.

Олар Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң жуўаплы қәнигелери менен биргеликте елимиз бойлап саяхатқа шығады.

Олар Қарақалпақстанда 22-июль ҳәм 24-июль күнлери аралығында болады. Усы күнлери Россияның  НТВ телеканалының  дөретиўшилик хызметкерлери Мойнақ районы ҳәм Арал теңизи аймағында дыққатқа ылайық орынларды, аймақтың өзине тән ландшафтын, өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясын съёмкаға алыўы режелестирилген.

Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен кеўил ашар бағдарламалар, концерт номерлери, миллий үрип-әдет дәстүрлеримизди сәўлелендириўши сахналық көринислер шөлкемлестириледи.

Бул, әлбетте, елимиздиң туризмин раўажландырыў ушын хызмет етеди.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы

 

Телеграмдағы каналымызға ағза болыӊ