Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-апрель күни Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳом Алиев пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекетимиз басшысы Илҳом Алиевти күни кеше болып өткен Әзербайжан Президенти сайлаўында исенимли жеңиске ерискени менен шын жүректен қутлықлады.

Сайлаў нәтийжелери туўысқан Әзербайжан халқы Илҳом Алиевти кеңнен қоллап-қуўатлайтуғынын ҳәм оған үлкен исеним билдиретуғынын, мәмлекет басшысының жеке хызметлерин және елде турақлылықты, избе-из экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў, халықаралық абыройын беккемлеў бойынша әмелге асырылып атырған нәтийжели сиясатты жоқары баҳалайтуғынын және бир мәрте көрсеткени айрықша атап өтилди.

Көп әсирлик дослыққа ҳәм стратегиялық шерикликке тийкарланған Өзбекстан ҳәм Әзербайжан қатнасықларының избе-из раўажланып ҳәм беккемленип атырғаны терең қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Халықларымыздың тарийхы, мәденияты ҳәм дини улыўма, руўхый қәдриятлары, дәстүр ҳәм үрп-әдетлери бирдей.

Түрли дәрежедеги жедел сөйлесиўлер еки тәреплеме өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтип, оларды анық мазмун менен байытыўға хызмет еткени атап өтилди.

Өз-ара саўда көлеми турақлы жоқары пәтлер менен өспекте, еки елдиң жетекши компанияларының қатнасыўында экономика тармақлары, соның ишинде, нефть-газ комплексинде перспективалы кооперация жойбарлары ислеп шығылмақта.

Жаңа «Баку-Тбилиси-Ахалкалаки-Карс» темир жол магистралы, әлбетте, пүткил регионда саўда-экономикалық байланысларды раўажландырыўға ҳәм транзит потенциалын жүзеге шығарыўға хызмет ететуғыны айрықша атап өтилди.

Белсене мәдений-гуманитарлық алмасыўлар даўам етпекте, қоспа илажлар турақлы өткерилмекте.

Мәмлекетлер басшылары, сондай-ақ, Өзбекстан-Әзербайжан көп қырлы бирге ислесиўи, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер бойынша пикир алысты.

Сөйлесиў жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳом Алиевти елимизге мәмлекетлик сапар менен келиўге мирәт етти.

Әзербайжан Президенти мәмлекетимиз басшысына шын жүректен қутлықлағаны ҳәм жақсы тилеклери ушын терең миннетдаршылық билдирип, Өзбекстанға сапар менен келиў мирәтин қанаатланыўшылық пенен қабыл етти.

ӨзА