Орайлық банк жаңа купюра шығарыўды режелестирип атырғанлығын тастыйықлады, бирақ оның қашан шығарылыў сәнеси белгисиз, деп жазады Kun.uz «Халқ сўзи» сайтына силтеме берип.

Январь айының басында Орайлық банк 2018-жылдағы ўазыйпалар қатарында майда купюраларды басқышпа-басқыш теңге пулларға алмастырыў ҳәм жоқары номиналдағы банкноталардың шығарылыўын санап өткен еди.

Март айының орталарында Сенат 50, 100, 500 сум номиналдағы жаңа үлгидеги теңге пуллар, сондай-ақ, 200 сумлық жаңа теңге пулды шығарыў усынысын мақуллады. Бирақ, банкнота ҳаққында сөз болмаған. Усы мүнәсибет пенен Spot басылымы Орайлық банке мүрәжат етти ҳәм Орайлық банк баслығының биринши орынбасары Тимур Ишметовтан жуўап алды.

Жуўапта 2018-жыл даўамында жоқары номиналдағы банкнотаны айланысқа шығарыў режелестирилип атырғаны мәлим етилген.

Онда, сондай-ақ, орнатылған тәртипте банкноталардың үлгилери ҳәм олардың дизайнлери Олий Мажлис Сенаты Кеңеси менен биргеликте Орайлық банк тәрепинен тастыйықланыўы, жаңа купюраны шығарыў бир қанша шөлкемлестириў-техникалық илажларды әмелге асырыўды талап етиўи атап көрсетилген.

Орайлық банк ҳәзирги ўақытта жаңа купюралар шығарылыўының анық сәнеси қашан екенлиги бойынша мәлим ете алмайтуғынлығы айтылған. Мүддетлер анықланғанда, бул мағлыўмат Орайлық банктиң рәсмий сайтында жәрияланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги