Өзбекстан Республикасы Орайлық банки валюта операциялары бойынша сораўларға жуўап берди, деп жазады Daryo.uz.

Банк баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, юридикалық тәреплер халық аралық операциялар бойынша сырт ел валютасын коммерциялық банклерден шекленбеген муғдарда сатып алыўы мүмкин. Экспорт пенен шуғылланатуғын фирма ҳәм басқа субъектлер сырт ел валютасынан түсимди мәжбүрий сатыў талабысыз пайдаланыўы мүмкин.

Пуқаралар банк пластик карталарындағысырт ел валютасын ҳеш қандайшеклеўлерсиз шешип алыўы, онлайн-системалар арқалы өткериўи, руқсатнамасыз 5 мың долларға шекемги қаржыны республикадан сыртқа алып шығыў мүмкин, тек ғана 2 мың доллардан артық болған қаржыны мәжбүрий декларациялаў керек болады.

Жеке исбилерменлер ҳәм фермер хожалықлары өзлериниң банктеги есап бетинен нақ валютаны шекленбеген муғдарда шешип алыўы мүмкин.

Мағлыўмат ушын, Өзбекстанда усы жылдың 1-ноябрине шекем күни-түни жумыс ислейтуғын автоматластырылған валюта алмастырыў пунктлери иске түсириледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги