Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының 2018-жыл 12-апрель күни өткерилген мәжилисинде депутатлар бир қатар нызам жойбарларын көрип шықты.

Бурын хабар етилгениндей, күн тәртибине киргизилген нызам жойбарлары дәслеп сиясий партиялар фракцияларының, Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети депутатлық топарының, комитетлер ҳәм олардың жанында жумыс ислеп атырған эксперт топарларының мәжилислеринде додаланған еди.

Нызам жойбарлары 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында әҳмийетли ўазыйпалар сыпатында белгиленген реформалардың ҳуқықый тийкарларын жетилистириўге, нызам үстинлигин тәмийинлеўге, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың барлық тараўларын реформалаўға қаратылған.

Солай етип, депутатлар өз жумысларын техникалық регламентлерге әмел етиў үстинен нәтийжели мәмлекетлик қадағалаўды, өнимди мәжбүрий сертификатластырыў қағыйдалары сертификатластырыў уйымлары ҳәм аккредитацияланған сынаў лабораториялары тәрепинен бузылмаўы ушын олардың жуўапкершилигин арттырыў мақсетинде ислеп шығылған «Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын екинши оқыўда додалаўдан баслады.

Нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў процесинде сиясий партиялар фракциялары ҳәм Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети депутатлық топары, министрликлер ҳәм ведомстволар, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери, әмелиятшы қәнигелер және илимпазлардан ибарат жумысшы топары қәлиплестирилди.

Депутатлар усы нызамның қабыл етилиўи зәрүрлигине тоқтап, ол өнимлер, процесслер, жумыслар ҳәм хызметлердиң қәўипсизлигин, сапасын және бәсекиге шыдамлылығын арттырыў мәселелеринде тутыныўшылардың ҳәм мәмлекеттиң мәплерин қорғаўға хызмет ететуғынын атап өтти. Соның менен бирге, сертификатластырыў уйымлары ҳәм аккредитацияланған сынаў лабораторияларының жуўапкершилигин арттырыў, сондай-ақ, «Техникалық жақтан тәртипке салыў ҳаққында»ғы ҳәм «Өнимлерди ҳәм хызметлерди сертификатластырыў ҳаққында»ғы нызамлардың нормаларын толық әмелге асырыўды тәмийинлейди.

Быйылғы жылдың март айында парламенттиң төменги палатасының гезектеги мәжилиснде өткерилген қадағалаў-талқылаў үйрениўлериниң жуўмақларына бола бир топар депутатлар тәрепинен таярланған «Тасыўшының пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылған.

Жойбар шет еллердиң тәжирийбесин есапқа ала отырып, ислеп шығылған. Атап айтқанда, Россия Федерациясы, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан нызамшылығында қамсызландырыў шәртнамасы бир жылға шекемги мүддетке дүзилетуғынын, сондай-ақ, ҳәр бир транспорт қуралына өз алдына қамсызландырыў полиси берилетуғынын атап өтиў зәрүр.

Жойбарды екинши оқыўға таярлаў даўамында парламентиң Нызамшылық палатасы депутатларынан, министрликлер ҳәм ведомстволар, пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллеринен, әмелиятшы қәнигелерден ибарат жумысшы топар дүзилди. Буннан тысқары, нызам жойбары депутатлардың социаллық тармақлардағы жеке бетлеринде ҳәр тәреплеме додалаў ушын жайластырылған болып, ол тармаққа жазылыўшы сайлаўшылардың пикир-усынысларын есапқа алыў имканиятын берди.

Нызам жойбарына муўапық жумысы лицензияланатуғын, транспортта жолаўшыларды ҳәм олардың мүлкин коммерциялық тийкарда тасыў бойынша хызметлер көрсететуғын юридикалық шахсларға тасыўшының пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў шәртнамасын үш айдан бир жылға шекемги мүддетке дүзиў ҳуқықы берилмекте. Бул норманың қосылыўы тасыўшыларға лицензиялардың әмел етиў мүддетине шекем қамсызландырыў шәртнамасын дүзиў, лицензияларды бийкарлаў ҳәм қайтадан дизимге алыў ушын артықша қәрежет жумсаўға жол қоймаў мүмкиншилигин береди.

Бул нызамның қабыл етилиўи, атап өтилгениндей, лицензияланатуғын транспортта жолаўшыларды тасыў бойынша хызметлер көрсететуғын тасыўшылар ушын шараятлар жаратады.

Соң «Өзбекстан Республикасының Бажыхана кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда додаланды. Нызам жойбары Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Сыртқы саўда жумысын буннан былай да еркинлестириў ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм «Шет мәмлекетлерде көргизбе илажларын өткериў ушын мөлшерленген товарларды алып шығыў тәртибин әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарларына муўапық ислеп шығылған.

Нызам жойбары менен Өзбекстан Республикасы Бажыхана кодексиниң 32 ҳәм 245-статьяларына товарлар, жумыслар ҳәм хызметлер экспортын, буған жаңа үзилген мийўе-овощ өнимлери кирмейди, әмелге асырыў ҳуқықын, «ўақтынша алып кириў» бажыхана режиминде турған товарларды реэкспорт етиўге мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымлары тәрепинен руқсатнама берилиўи бойынша талапты бийкарлаўды нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Дүзилген арнаўлы жумысшы топар тәрепинен екинши оқыўға таярлаў шеңберинде нызам жойбарын жетилистириў бойынша өткерилген талқылаў жуўмақлары усынылды ҳәм усы тараў эксперт-қәнигелериниң пикир-усыныслары итибарға алынды.

Мәжилис даўамында парламенттиң Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Мәлимлеме хызмети