Усы жыл 12-апрель күни Республикалық мәлимлеме ресурс орайы Балалар китапханасында «Әдебият – бәркамаллық қуяшы» атамасында әдебий әнжуман болып өтти. Бул илаж Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 5-апрельдеги «Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәм онда белгиленген ўазыйпаларға бағышланды.

Оған республикамызға белгили шайырлар, жазыўшылар, әдебиятшы илимпазлар, Ибрайым Юсупов атындағы инталы балалар мектеп интернатының талантлы оқыўшылары, жас дөретиўшилер, китап оқыўшылар, баспа сөз ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы Кеңесбай Каримов алып барды.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы, «Қарақалпақ әдебияты» газетасының бас редакторы Гүлистан Матякубова, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Шарап Уснатдинов, филология илимлери бойынша философия докторы Жупар Қаниязова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, қарар ҳәм онда белгиленген ўазыйпалар бойынша толық түсиник берди.

Өзбекстан Республикасын 2017-2021-жылларда раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпаларда «Мәмлекет – руўхыйлықтың бас қәўендери», деген тийкарғы принцип турмысқа избе-из енгизилип атырғанлығы, барлық тараўлар қатарында әдебият, көркем өнер ҳәм мәденияттың раўажланыўына айрықша итибар қаратылғаны, әсиресе, Президентимиздиң елимиздеги жетекши дөретиўшилик шөлкемлердиң «Дослар клублары»н шөлкемлестириў, оларға ири кәрхана, банк ҳәм компанияларды қәўендер сыпатында бириктириў, шәртнама тийкарында олардың турақлы бирге ислесиўин жолға қойыў басламасы бүгин өз нәтийжесин берип атырғаны айрықша тилге алынды.

Усы қарарда Өзбекстан Жазыўшылар аўқамның ағзасы болған ҳәр бир дөретиўшиниң авторлық ҳуқықын қорғаў, оларға шараят жаратып бериў айрықша көрсетип өтилген.

Илажда кексе әўлад ўәкиллериниң дөретиўшилик шеберлигин жасларға сиңдириў, жас талантлыларды қоллап-қуўатлаў, дүнья әдебиятының ең жақсы үлгилерин қарақалпақ тилине, миллий әдебиятымыздың ең жақсы шығармаларын шет тиллерге аўдарыў ҳәм үгит-нәсиятлаўды жолға қойыў, интернет әдебиятын қәлиплестириў сыяқлы әҳмийетли усыныслар ортаға тасланды.

Әнжуман қатнасыўшылары қарар тийкарында өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, қарақалпақ әдебияты алдында турған ўазыйпаларды кеңнен талқылады.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.