9-апрель – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 25 жыл толыўына байланыслы Қанлыкөл районындағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде спорттың стол тенниси түринен районлар аралық ашық бириншилик өткерилди. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Бириншиликке Хожели, Тақыятас, Коңырат ҳәм Қанлыкөл  районларының улыўма билим бериў мектеплеринен келген спортшылар қатнасты.

Жарыс жуўмағында қызлар арасында, Қанлыкөл районы 2-санлы улыўма билим бериў мектебинен Перизат Жалғасбаева 1-орын, Гүлжайна Макенова 2-орын, Бийбизада Сапарниязова 3-орынды ийеледи.

Сондай-ақ, жарыста ерлер арасында Хожели районындағы 20-санлы улыўма билим бериў мектебинен Ағабек Сапарбаев 1-орын, Иззат Давлетбаев 2-орынды, Тақыятас районы мектеби оқыўшысы Акбар Төремуратов  3-орынды ийеледи. Жеңимпазлар диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги