Усы жылдың 1-апрель күни Әмиўдәрья районындағы Мәденият бөлими сарайында райондағы орта арнаўлы, кәсип-өнер колледжлериниң оқыўшылары арасында «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының финаллық басқышы болып өтти. Бул ҳаққында Amunews.uz хабар бермекте.

Финаллық басқышта таңлаўдың дәслепки басқышларында 1- ҳәм 2-орынларды ийелеген 2 команда – Әмиўдәрья хызмет көрсетиў ҳәм сервис кәсип-өнер колледжиниң «Мароқанд» командасы, Маңғыт экономика колледжиниң «Жаслар» командасы өз қәбилетлерин көрсетти.

Таңлаў жуўмағына бола, Маңғыт экономика колледжиниң «Жаслар» командасы районлық басқыш жеңимпазы деп табылып, жаслар аўқамы районлық Кеңесиниң кубогы және диплом менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги