Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педигогикалық институтында шөлкемлестирилген Илимий кеңес илимий дәреже бериў ушын дәслепки мәжилисин өткерди. Мәжилисте алып барылған изертлеўлердиң жуўмағы додаланып, Илимий Кеңес шешими менен тастыйықланды ҳәм институт тарийхында биринши мәрте педагогика илимлери бойынша философия докторы илимий дәрежеси берилди.

– Қарақалпақстан Республикасы тарийхында Педагогика илими тараўы бойынша биринши рет илимий дәрежелер беретуғын илимий Кеңестиң шөлкемлестирилиўи изертлеў жумыслары менен шуғылланып атырған жас излениўшилерге имканиятлар есигин ашып берди, – дейди педагогика илимлериниң докторы, профессор Өсербай Әлеўов. – Себеби, Қарақалпақстанда педагогика илими өзиниң көп жыллық педагогикалық тарийхына ҳәм орнына ийе. Халық билимлендириў тараўында педагогика илиминиң жетискенликлери тийкарында жас әўладқа тәлим-тәрбия бериў, сондай-ақ, илимниң соңғы жаңалықлары ҳәм жетискенликлери менен қуралландырып барыўда Илимий кеңестиң әҳмийети оғада үлкен.

Илимий Кеңестиң дәслепки мәжилисинде Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайының аға оқытыўшысы Гүлбахар Абылова «Музыка тәлими бағдарында информатиканы оқытыўдың илимий-методикалық тийкарларын жетилистириў» темасындағы диссертациясын қорғады. Оның усы диссертация темасы бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары Аттестация комиссиясы тәрепинен докторлық диссертациялардың тийкарғы илимий нәтийжелерин басып шығарыў ушын усыныс етилген илимий басылымларда  24 илимий-методикалық жумысы баспадан шыққан.

Г.Абылованың диссертация жумысының барлық ҳүжжетлери  педагогика илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын қойылған талапларға толық жуўап береди, деп табылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.