«Өзбек жаўынгерлик өнери»  бойынша Ташкент  қаласында болып өткен халық аралық турнирде сыйлы орынларды ийелеп қайтқан спортшылар Нөкис темир жол вокзалында салтанатлы жағдайда күтип алынды.

Жарысқа Қараөзек районындағы Балалар ҳәм  өспиримлер спорт мектебиниң тәрбияланыўшылары қатнасып, жақсы нәтийжелер менен қайтты. Атап айтқанда, райондағы 2-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы  Злиха Уразбаева өз салмақ категориясында «жеке беллесиў» бағдарында биринши орынды ийелеп, халық аралық турнирдиң жеңимпазы болды. Сондай-ақ, 26-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Чаржаў Турсынбаев, Қараөзек экономика ҳәм турмыс хызмети кәсип-өнер колледжиниң оқыўшысы Ханзада Палўанова «жеке комплекс» бағдарында үшинши орынды ийелеўге еристи.

Илажда Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан республикасы  Кеңеси ҳәм партия  Қараөзек районлык Кенеси, «Өзбек жаўынгерлик өнери» федерациясының Қарақалпақстан бөлими,  Қараөзек районлык  халық билимлендириў бөлими,  Балалар  өспиримлер спорт мектебиниң ўәкиллери, ата-аналар қатнасып, споршыларды қолға киргизген нәтийжелери менен қутлықлады.

Өзбекстан Миллий олимпиада комитети, Халық аралық жаўынгерлик өнерлери ассоциациясы, «Өзбек жаўынгерлик өнери» федерациясы тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген жарысқа Ташкент қаласынан, ўәлаятлардан тысқары, Россия Федерациясы, Қазақстан сыяқлы бир қатар еллерден спортшылар қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.