Әдиллик министрлигиниң хабарнамасында турақ жайды сатып алыў ҳәм қурыўдың нызамлы механизмлери болыўына қарамастан мыңлаған пуқаралар көп жыллар даўамында өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларында нызамсыз жеке турақ жайларды қурғанлығы атап өтилди. Бундай жағдайлардың жүз бериўине жуўапкер болған мәмлекетлик органлар жол қойып бергени, сондай-ақ, фермер ҳәм дийқан хожалықларының тил бириктириўи себепши болды. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы арқалы мәлим етилди.

Нәтийжеде булл машқала пүткил республика бойынша ғалаба түрде ен жайды, бул болса пуқаралардың турақ жайына кадастр ҳүжжетлерин бериў мәселесиндеги мүрәжатлар санының көбейиўине себеп болды. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханасына 5 мыңнан аслам усындай мүрәжатлар келип түсти.

Усы мақсетте адамгершилик принципинен келип шығып, жойбардың тийкарғы идеясы өзбасымшалық пенен қурылған имаратларға мүлк ҳуқықын «амнистиялаў» ҳәм пуқараларға тийисли болған турақ жайларды мәмлекетлик дизимнен өткериўде әмелий жәрдем көрсетиў арқалы турақ жайға байланыслы ҳүжжетлердиң әмелге асырылыўы ушын қолайлы шараятларды жаратыў болып табылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги