Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Пуқараларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳәм өзбасымшалық пенен қурылған турақ жайларға мүлк ҳуқықын белгилеў бойынша бир мәртелик улыўма мәмлекетлик акциясын өткериў ҳаққында»ғы Пәрманы жойбары таярланып, додалаўға қойылды. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы арқалы мәлим етилди.

Пәрман тийкарында бундай имаратларға тек ғана мүлк ҳуқықы берилип қалмастан, имарат қурылған жер участкасына (жер участкасының бир бөлимине) мийрас етип қалдырылатуғын өмирликке ийелик етиў ҳуқықыда бериледи. Жер майданының көлеми Өзбекстан Республикасының Жер кодексине муўапық 0,06 гектарға шекем (6 сотих) етип көрсетилген. Өзбасымшалық пенен қурылған имаратларға Пәрман тийкарында мүлк ҳуқықы берилсе, мүлк ийеси ең кем мийнет ҳақының 10 есеси муғдарында (1 722 400 сум) бир мәртелик жыйым төлеўи белгиленген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги