Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Пуқараларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳәм өзбасымшалық пенен қурылған турақ жайларға мүлк ҳуқықын белгилеў бойынша бир мәртелик улыўма мәмлекетлик акциясын өткериў ҳаққында»ғы Пәрманы жойбары таярланып, додалаўға қойылды. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы арқалы мәлим етилди.

Жойбарды ислеп шығыўдан гөзленген мақсет, халықтың турақ жайға байланыслы ҳуқықларын әмелге асырыўы ҳәм социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ушын қолайлы шараятларды жаратыў болып табылады.

Жойбарда пуқаралардың өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер учуасткаларында қурылған ямаса имарат қурыў ушын руқсатнама алмастан қурылған турақ жайларға мүлк ҳуқықын бериў бойынша бир мәртелик улыўма мәмлекетлик акциясын жәриялаў көзде тутылмақта.

Акцияны 2018-жылдың 31-декабрине шекем өткериў усыныс етилмекте.

Пәрман жойбарын додалаў 26-апрель күни жуўмақланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги