11-апрель күни Өзбекстан Жазыўшылар аўқамында гезектен тыс жыйналыс болып өтти. Бул ҳаққында Telegraf.uz сайты хабар берди.

Жыйналыста шөлкемлестириў мәселеси көрилген. Яғный Жазыўшылар аўқамы баслығы лаўазымында ислеп келген Муҳаммад Али ўазыйпасынан азат етилген. Оның орнына Жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасары болып ислеп киятырған Сирожиддин Саййид сайланған.

Жазыўшылар аўқамының биринши орынбасары лаўазымына шайыр Минҳожиддин Мирзо тайынланған.

Сондай-ақ, жаслар мәселелери бойынша орынбасар Иқбол Мирзоның басқа жумысқа өткени мүнәсибети менен оның орнына «Ёшлик» журналының бас редакторы Нодир Жонузоқ тайынланған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги