«Исбилерменлик хызмети тараўындағы лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдаларын және де қысқартыў ҳәм әпиўайыластырыў, сондай-ақ, бизнес жүргизиў шараятларын жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы арқалы мәлим етилди, деп жазады Daryo.uz.

Мәмлекетлик сиясаттың белгиленип атырған әҳмийетли үстинликлери ҳәм тийкарғы ўазыйпаларынан келип шығып, ҳуқықты қоллаў әмелиятын, миллий нызамшылық ҳәм шет еллердиң нызамшылығын анализлеў тийкарында, усы ҳүжжет арқалы 42 түрдеги лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдаларын бийкар етиў нәзерде тутылмақта. Олардың арасында – нефть өнимлерин автомобиллерге жанар май қуйыў шақапшалары ҳәм май алмастырыў пунктлери арқалы сатыўды лицензиялаў, бажыхана брокери сыпатында жумыс алып барыўға руқсат бериў, сыртқы рекламаны жайластырыўға руқсатнама ҳәм басқаларды санап өтиў мүмкин.

Исбилерменлик жумысының айырым тараўларында бирнеше түрдеги лицензияларды ҳәм руқсат бериў формасындағы ҳүжжетлерди алыў талап етилип, бул исбилерменлик субъектлери ушын артықша әўерегершилик ҳәм финанслық қәрежетлерди арттырады. Лицензиялар ҳәм руқсат бериў формасындағы ҳүжжетлерди алыў механизмин әпиўайыластырыў мақсетинде, сондай-ақ, 38 түрдеги лицензияланатуғын жумыс түрлерин және руқсат бериў тәртип-қағыйдаларын 17 түрге бирлестириў нәзерде тутылмақта.

Бюрократиялық тосқынлықларды алып таслаў, исбилерменлик субъектлериниң мүрәжатларын жедел түрде көрип шығылыўын тәмийинлеў мақсетинде исбилерменлик жумысы тараўындағы 25 түрдеги лицензиялар ҳәм руқсат бериў формасындағы ҳүжжетлерди рәсмийлестириў мүддетлери ишки рәсмийлестириў тәртип-қағыйдаларын муўапықластырыўдың есесине қысқартылмақта, сондай-ақ, 9 түрдеги жумысты лицензиялаў тәртиби лицензиялаў бойынша функцияларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинен тийисли мәмлекетлик органларына тапсырыў жолы арқалы әпиўайыластырылмақта. Соның менен бирге, 5 түрдеги лицензиялар ҳәм руқсат бериў уқыплылығына ийе болған ҳүжжетлерди бериў функциялары республикалық мәмлекетлик басқарыў органларынан олардың аймақлық басқармаларына және жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият органларына өткерилмекте.

Сондай-ақ, пәрманда исбилерменлик жумысы тараўындағы 19 түрдеги лицензияларды ҳәм руқсат бериў формасындағы ҳүжжетлерди алыў тәртип-қағыйдаларын және де қысқартыў ҳәм әпиўайыластырыўға қаратылған илажлар назерде тутылған. Мәселен 2018-жылдың 1-июнынан:

– телекоммуникация тармақларын қаржыландырыў, қурыў, пайдаланыў ҳәм хызмет көрсетиў, қымбат баҳалы қағазлар базарында профессионал жумысларды әмелге асырыў, баҳалаў, ветеринария ҳәм туризм хызметин әмелге асырыў ушын лицензия ҳәм руқсат бериў уқыплылығына ийе болған ҳүжжетлерди алыўда усынылатуғын ҳүжжетлердиң саны қысқартылмақта;

– риелторлық шөлкемлер ушын устав капиталының мәжбүрий муғдарына салыстырғанда қойылатуғын лицензиялық талаплар бийкар етилмекте, алдын ала төлем алмаған ҳалда риелторлық хызметлерин көрсетиў имканияты берилмекте;

– жеңил автомобильлерге ийе болған физикалық шахсларға жеке тәртиптеги исбилерменлик формасында жөнелисли такси сыпатында жолаўшыларды коммерциялық тәртипте тасыў ҳуқықы берилмекте;

– көшпели саўданы әмелге асырыўға руқсатнама жеке тәртиптеги исбилерменлерге де, руқсатнаманың әмел етиў мүддетин он еки айдан көп болмаған мүддетке бериў ҳуқықы берилмекте, бир руқсатнама менен бирнеше жерде көшпели саўданы әмелге асырыўға руқсат берилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги