Қанлыкөл районы аймағындағы аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы 1086 кем тәмийинленген шаңарақларға 5 түптен (алма, ерик, қәрели, шабдал, алмурт) – жәми 5430 түп мийўе нәллери тарқатылды ҳәм ҳәр бир шаңарақларда қыйтақ жерлерге мийўе нәллерин егиўге жәрдем берилмекте. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар берди.

Сондай-ақ, район аймағында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў айлығы бағдарында пуқаралар жыйынларында социаллық жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген, жалғыз баслы нураныйлар менен бағыўшысынан айрылған шаңарақлардың жағдайынан хабар алынып, үй қапталы қыйтақ жерлери тазаланып, егиске таярланып, мийўе нәллери менен саяманлы тереклер отырғызыў илажлары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги