Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының тәбияттаныў ҳәм география факультети деканының оқыў ислери бойынша орынбасары болып ислеп киятырған Оразбаев Тимур Жолдасбаевич Нөкис районы Халық билимлендириў бөлими баслығы болып тайынланды. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Мағлыўмат ушын, Тимур Оразбаев 1978-жылы Нөкис қаласында туўылған. 2000-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин питкерген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги